Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалабалық коммуникациялар агентлигинде Қаржы министрлиги жанындағы бюджеттен тыс Пенсия қоры тәрепинен Президенттиң быйылғы жыл 12-июльдағы «Мийнет ҳақы, пенсиялар, стипендиялар ҳәм напақалардың муғдарын көбейтиў ҳаққында»ғы пәрманың мазмуны ҳәм әҳмийетине арналған брифинг болып өтти.

Онда пенсия жасының өзгериўи бойынша халық арасында жүрген пикирлерге мүнәсибет билдирилди.

Жасқа байланыслы пенсиялар еркеклер 60 жасқа толғанда ҳәм мийнет стажы 25 жыл болғанда, ҳаяллар 55 жасқа толғанда ҳәм мийне стажы 20 жыл болғанда тайынланады. Майыплық пенсиялары I ҳәм II топар майыбы деп белгиленген адамларға тайынланады. Бағыўшысынан айрылғанлығы бойынша напақа қайтыс болған адамның мийнетке жарамсыз шаңарақ ағзаларына тайынланады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.