Хожели районында жумыс алып барып атырған базарларды тәртипке салыў ҳәм олардағы шараятларды жақсылаў бойынша район ҳәкимлиги тәрепинен «Хожели универсал саўда комплекси» ЖШЖ баслығы Ж.Исмаиловқа базарда тәртип болыўы ҳәм күнлик саўда менен шуғылланатуғын саўдагерлердиң саўда хызметин ўақытша тоқтатып қойыў бойынша көрсетпе берилген.

Өз гезегинде Ж.Исмаилов «Хожели универсал саўда комплекси» ЖШЖ аймағындағы №154 дүканының ийеси, жеке исбилермен М.Балтабаевқа өз дүканы әтирапында, өзиниң белгиленген аймағынан шығып, жайма тәризде товарларды сатып атырған жалланба сатыўшысына кийим-кеншеклерди жыйнастырып, дүканының ишинде сатыўы кереклигин түсиндирген.

М.Балтабаев буған бойсынбағаны ушын Ж.Исмаиловтың өзи кийим-кеншеклерди жыйнастырған. Бул жағдай М.Балтабаевтың дүканына орнатылған бақлаў камерасы арқалы жазып алынған ҳәм видео социаллық тармақларға тарқалып кеткен. Ақыбетинде бул видео «Озодлик» радиостанциясының интернеттеги рәсмий веб-сайтына жетип барған. Бул тәрепи түсиникли болғанындай, радионың журналистлери бул видеодан нәтийжели пайдаланып, базар басшыларының абыройына кери тәсир тийгизетуғын материал таярлап, жәриялаған.

Биз усы орында халқымыздан бундай көринистеги материаллар, әсиресе, «Озодлик» радиостанциясы тәрепинен тарқатылып атырған унамсыз мазмундағы, жалған информацияларға исенип қалмаўыңызды сораймыз.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.