Қарақалпақстан Республикасы Өрт қәўипсизлиги басқармасының бөлим инженерии, капитан Маҳмуд Жуманиязов енгизген жаңалық өртлерди тез сапластырыў ушын хызмет етпекте. Бул ҳаққында «Халқ сўзи онлайн» хабар берди.

Қурылма жайлардың төбесиндеги темир-қаңылтырлы бастырмаларын тез ҳәм қысқа ўақытта ашыў имканиятын бермекте.

– Ҳәзирги ўақытта турақ жайлардың төбесин ҳәр қыйлы реңдеги заманагөй темир-қаңылтырлы бастырмалар менен қаплаў ҳәм оларды буралатуғын винтлер арқалы қатырыў үрдиске айланған, – дейди М.Жуманиязов. – Егер усындай жайларда өрт жүзеге келсе, бастырмаларды ашыўға, нәтийжеде өртти сапластырыўға көп ўақыт кетеди. Биз жаратқан дрель қурылмасы болса қысылған ҳаўа жәрдеминде ислейди. Оның жәрдеминде темир-қаңылтырлы бастырмалар тез ҳәм ҳеш қандай зыян жеткерилместен ашылады. Итибарлы тәрепи, зыян жеткерилмей ашылған бастырмаларды қайтадан пайдаланыў мүмкин болады.

Ҳәзирги ўақытта қурылма әмелде қолланылмақта.

 

Аўдарма: Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.