Бүгин, 17-июль күни «Бейнеў – Ақжигит – Өзбекстан шегарасы» халықаралық автомагистралының салтанатлы ашылыў мәресими болып өтти.

«Бейнеў – Ақжигит – Өзбекстан шегарасы» халықаралық автомагистралын қайта оңлаў мәселеси еки мәмлекет басшылары тәрепинен 2017-жыл 23-март күни Нур-Султан қаласында қол қойылған Өзбекстан Республикасы менен Қазақстан Республикасы арасында стратегиялық шерикликти буннан былай да тереңлестириў ҳәм жақсы қоңсышылықты беккемлеў ҳаққындағы қоспа декларациядан орын алған еди.

Қазақстан Республикасының Бас министри Асқар Мамин быйыл 21-июнь күни Ташкент қаласында болып өткен Өзбекстан Республикасы менен Қазақстан Республикасы  арасында еки тәреплеме бирге ислесиў бойынша ҳүкиметлераралық комиссияның мәжилиси шеңберинде мәмлекетимиз басшысына мүрәжат етип, «Бейнеў – Ақжигит – Өзбекстан шегарасы» халықаралық автомагистарлының салтанатлы ашылыў мәресиминде ҳүкимет делегациясының қатнасыўына усыныс билдирген еди.

DSC_0159.JPG

Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң тапсырмасына бола Өзбекстан Республикасының Бас министри Абдулла Арипов басшылығындағы делегация «Бейнеў – Ақжигит – Өзбекстан шегарасы» автомагистарлының салтанатлы ашылыў мәресиминде қатнасты.

Еки мәмлекет ҳүкиметлери басшыларының басшылығындағы делегация, қурылысшы-қәнигелер, кең жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасқан илажда усы халықаралық әҳмийетке ийе жолдың қайта оңланып, пайдаланыўға тапсырылыўы мәмлекетлеримиздиң туўысқанлық ҳәм жақсы қоңсышылық қатнасықлары барған сайын беккемленип атырғанынан дәрек беретуғыны атап өтилди.

DSC_0155.JPG

Автомобиль жолының узынлығы 84 километрди қурайды. Усы жолды реконструкциялаў ҳәм оны Қарақалпақстан Республикасының Үстирт платосы арқалы өтетуғын халықаралық автомобиль жолы менен тутастырыў ушын 108 миллион АҚШ долларындағы қаржы қаратылды.

«Бейнеў – Ақжигит – Өзбекстан шегарасы» автомагистралы мәмлекетлеримиздиң экономикасының раўажланыўы ҳәм өз-ара товар алмасыў көлеминиң артыўына хызмет етеди. Өзбекстанның Қазақстан арқалы Арқа  ҳәм арқа-батыс жөнелислер – Балтықбойы ҳәм Европа еллерине шығыўда, сондай-ақ, теңиз бойы мәмлекетлери менен байланысыўында үлкен әҳмийетке ийе.

ӨзА