Бурын хабар етилгениндей, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Қәнигелерди шет елде таярлаў ҳәм Ўатанласлар менен байланыс орнатыў бойынша «Эл-юрт умиди» фонды шет еллердеги жоқары оқыў орынлары ҳәм илимий орайларда тәжирийбе арттырыў, стажировкадан өтиў, магистратура ҳәм докторантура бағдарламалары бойынша билим алыў ушын таңлаў жәриялаған еди.

Ташкет мәлимлеме технологиялары университети Нөкис филиалы баспасөз хызметиниң хабарларына қарағанда, усы филиалдың оқытыўшылары Аллабай Арзиев ва Парахат Нуримовлар «Эл-юрт умиди» фондының стипендиясы жеңимпазлары болды.

Яғный, А.Арзиев Португалия мәмлекетиндеги Гуарда университетине тәжирийбе арттырыўға жоллама алды. Сондай-ақ, П.Нуримов Қубла Корея мәмлекетиндеги Сеул Миллий университетине докторантура (PhD)  тәлим басқышына оқыўға қабыл етилди.

Бул стипендиялар бағдарламасы Өзбекстан Республикасы жоқары билимлендириў системасын жақсылаў мақсетинде шөлкемлестирилген болып, стипендиатлар тәжирийбе арттырыў, стажировкадан өтиў, магистратура ҳәм докторантура бағдарламаларын тамамлағаннан соң жоқары билимлендириў мәкемелеринде жумыс ислеўи талап етиледи.

Жеңимпазлар усы жыл июль айынан баслап шет ел университетлерине жибериледи.

Қ.Х.А.