Быйылғы жаз мәўсиминиң басы ҳәр сапарғыдан басқаша келди. Өзбекстанның ҳаўа-райына елимиз аймағы үстиндеги күшсиз циклонлық процесслер тәсир етип, бултлардың пайда болыўына алып келди.
4-5-июнь күнлери мәмлекетимизде ўақты-ўақты менен қысқа мүддетли жаўын жаўыўы, гүлдирмама болыўы, самал айырым жерлерде секундына 15-20 метр тезлик пенен есиўи мүмкин, деп хабар бермекте ӨзАның рәсмий сайты.
Қарақалпақстанның айырым орынларында жаўын-шашын болмайды.
6-июнь күни Өзбекстанның үлкен бөлегинде жаўын-шашын болмаўы күтилмекте.
7-8-июнь күнлери жаўын-шашын болмаўы, 4-8-июнь күнлери ҳаўаның температурасы түнде 15-20 градус, күндиз 28-33 градус болыўы күтилмекте. Айырым жерлерде болса азғана төменлейди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги