Бүгин, 30-май күни көплеген социаллық тармақларда Самарқанд ўәлаятында автобус өртенип кеткени сүўретленген видеолар тарқалды. Бул жағдай бойынша ӨзР ИИМ арнаўлы баянат берди.

Баянатта атап өтилиўинше, 2019-жыл 29-май күни саат 19:00 лерде Самарқанд ўәлаятының Пайариқ районында жасайтуғын 28 жаслы Д.А. басқарыўындағы «Исузу» маркалы автобусты Оқдарё районы «Мустақиллик» МПЖ аймағынан өтетуғын «Самарқанд-Бухара» жолының 12-километринде басқарып баратырған ўақытта автобуста өрт келип шыққан.

Көрилген шаралар нәтийжесинде өрт сапластырылған. Жарақатланғанлар жоқ. Өрт автобустың электр сымларының қысқа тутасыўы ақыбетинде келип шыққаны анықланған. Келтирилген материаллық зыян муғдары анықланбақта, сорастырыў жумыслары алып барылмақта.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.