Үлкемизге жәзийрама жаз мәўсими кирип келмекте. Ҳәммеге белгили, бул мәўсимде ҳаўаның температурасы кескин көтерилип, инсан саламатлығына кери тәсир етиўи мүмкин. Усындай жағдайларда адамлар салқын жерлерде дем алады, қуяш нурынан сақланыў ушын ҳәр қыйлы усылларды қоллана баслайды. Хош, ыссы температура тәсиринен қалай сақланыўымыз, бул мәўсимде қандай кийиниўимиз ҳәм аўқатланыўымыз керек? Бул ҳаққында Денсаўлықты сақлаў министрлиги төмендегилерди мәлим етти.

 

Жағдайды қадағалап отырамыз

Жаз мәўсиминиң басланыўы, әсиресе, ең ыссы ўақыт «шилле»ниң кирип келиўи елимиз халқы ушын бираз қолайсызлықларды келтирип шығарады. Себеби, қуяшлы елимиздиң айырым аймақларында ҳаўа температурасы кескин көтерилип, Өзбекстанның қубла ўәлаятларында +45, +50 градусқа шекем көтериледи.

Елимиз халқы бундай аномал ыссы күнлерде зәрүрлик болғанда республикалық Қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайы, оның аймақлардағы 13 филиалы ҳәм 180 ге шамалас район ҳәм қала бөлимлери және 2460 қыстаўлы медициналық жәрдем бригадалары арқалы күни-түни тез, сапалы медициналық жәрдем алыўы мүмкин. Бул емлеў мәкемелери тәжирийбели қәнигелер ҳәм зәрүрли дәри-дармақлар менен жетерли муғдарда толық тәмийинленген. Соның менен бирге, бул жағдай бойынша Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң айырықша қадағалаўы шөлкемлестирилген. Сондай-ақ, ҳәр бир район ҳәм медициналық бирлеспелерде «Исеним телефон»лары ислеп тур.

 

Ең алды менен басыңызды сақлаң!

Атап өтиў керек, жәзийраманың бундай күнлеринде, ең алды менен, басты қуяш нурларынан сақлаў үлкен әҳмийетке ийе. Себеби, бас мийден үлкен артерия, вена қан тамырлары өткен болып, оның ыссы күнлерде жалаңбас жүргенде бас қызып, пүткил денеде ыссы қан айланып, инсанларды қуяш нурының урыўына алып келиўи мүмкин. Буның ақыбетинде дене температурасының көтерилиўи, териниң қызарыўы, ҳал-дәрманның болмаўы, дем алыўдың ҳәм пульстиң тезлесиўи, жүректиң тез соғыўы, бас аўырыўы, бас айланыўы, қайтарыў сыяқлы жағдайлар бақланыўы мүмкин.

 

Қандай азықлық затлардан пайдаланыў керек?

Ыссы күнлерде көп муғдарда суў ишиў организмниң жумысларын жақсылаўға ҳәм суў-дуз балансын нормалластырыўға жәрдем береди. Бирақ, бунда организмниң суў жетиспеўшилигин толтырыў ушын газленген ямаса нектар суў емес, керисинше, әпиўайы ишимлик суўын пайдаланыў керек. Сондай-ақ, ыссы күнде майлы гөш өнимлерин пайдаланыўды азайтып, тез сиңетуғын тағамларды пайдаланыў мақсетке муўапық болады. Сондай-ақ, мийўе ҳәм овощлар да организмде жақсы сиңип, ишки органлардың жумысларын нормалластырыўға жәрдем береди.

Соны да айырықша атап өтиў керек, жаз күнлеринде бағ ҳәм көшелерде қолдан таярланып, пайдаланыў ушын шығарылған ҳәр қыйлы шербет, айран, гөже ҳәм усындай түрдеги өнимлерди сатып алмаған мақул. Себеби, күн даўамында қуяш нуры түсип турған және пайдаланыўға жарамлылық белгиси болмаған бул түрдеги өнимлер денсаўлық ушын оғада қәўипли болып, ҳәр қыйлы кеўилсиз жағдайларды келтирип шығарыўы мүмкин.

 

Қандай кийим кийиў керек?

Жаз күнлери тәбийғый материалдан тигилген, ҳаўаны жақсы өткерип, қуяш нурын қайтаратуғын ҳәм кең етип тигилген кийимлерди сайлаў мақсетке муўапық есапланады. Себеби, олар териниң дем алыўына имканият жаратады және дене температурасының көтерилип кетиўине тосқынлық етеди. Сондай-ақ, жәзийрама күнде бас кийим кийип жүрий де мақсетке муўапық болады.

 

Шаңқай түсте көшеге шықпаң!

Ҳәммемизге белгили, қуяш нуры 12:00 ден 16:00 ге шекем оғада ыссы болады. Сол себепли, бул ўақыт аралығында көшеге шықпаған мақул. Бирақ, жағдайдан келип шығып, усы ўақыт аралығында сыртқы шығыўға туўра келсе, денениң ашық жерлерин қуяш нурынан сақлаўға ҳәрекет етиў керек.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.