Усы жыл 1-март күни Ташкент қаласында болып өткен «Өзбекстан Халық демократиялық партиясының ең белсенди ҳаял-қызы» таңлаўының елимиз басқышында 2-санлы Нөкис медицина коледжиниң мийирбийкелик иси пәни оқытыўшысы Улмекен Қаңлыбекова биринши орынды ийеледи.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы басқышларының жеңимпазлары қатнасты. Таңлаўда Улмекенниң  ҳаял-қызларды жумыс пенен тәмийинлеў бойынша жойбары төрешилер қурамы тәрепинен жоқары баҳаланды.

-Жойбарда тийкарынан шаңарақлық ажырасыўлар, ерте турмыс қурыў, жақын туўысқанлар арасындағы неке, өз жанына қастыянлық етиўдиң алдын алыў, жумыссызлықты сапластырыў сыяқлы ҳаял-қызлардың турмысындағы машқалаларды шешиўдиң ең нәтийжели жолын тәрийплеп бериўге ҳәрекет еттим,-дейди таңлаў жеңимпазы Улмекен Қаңлыбекова.-Президентимиз тәрепинен халқымызға, соның менен бирге ҳаял-қызларға жаратып берип атырған имканиятлардан пайдаланған ҳалда, «Ҳәр бир шаңарақ исбилермен» жойбары тийкарында «Агропромстрой» кәрханасын аштық. Нәтийжеде Қараөзек районындағы «Қаракөл» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында балықшылық, пал ҳәррешилигин раўажландырыўды, айна-есик соғыў цехын жолға қойдық. Усы аймақтан жети ҳаял-қыз жумыс пенен тәмийинленди. Буннан тысқары, бос жатқан егислик жерлерден нәтийжели пайдаланыў мақсетинде өткен жылы қаўын-ғарбыз ҳәм басқа да палыз егинлерин ектик. Жетистирилген өнимлерди халқымызға арзан баҳаларда сатып, кем тәмийинленген шаңарақларға бийпул  тарқаттық.

Пал ҳәррешилигин 10 қуты менен баслаған болсақ, бүгинги күни 25 қутыға жетти. Келешекте оларды 150 қутыға шекем жеткерип, тек ишки базарымызды тәмийинлеп ғана қоймастан, сырт еллерге экспорт етиўди  режелестирип атырмыз. Себеби, бизиң аймағымызда  тәбийғый таза ҳәм шыпабағыш арзан пал өнимин жетистириў имканияты бар.

Таңлаўға таярлық көриў барысында мәкан пуқаралар жыйынларында, жәмийетлик шөлкемлерди болып, ҳаял-қызлардың машқалаларын үйрениўиме туўра келди. Усы көз-қарастан қарағанда бундай таңлаўлардың өткерилиўи ҳаял-қызларымыздың жәмийеттеги белсендилигин, сиясий, ҳуқықый саўатын арттырыўда айрықша әҳмийетке ийе.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.