Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң киши мәжилислер залында болып өткен баспасөз конференциясында сөзге шыққан Мәмлекетлик тест орайы Қарақалпақстан Республикалық бөлими баслығы М.Абдуллаевтың билдириўинше, «Жоқары билимлендириў мәкемелерине тест сынақлары арқалы қабыллаў системасын жетилистириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарардың жойбарында абитуриентлерге қосымша шараятлар жаратыў мақсетинде Ташкент қаласындағы жоқары оқыў орынларына ҳүжжет тапсырған абитуриентлердиң кириў тест имтиханлары абитуриент жасайтуғын аймақтың өзинде өткерилиўи бойынша усыныслар киргизилген.

Еслетип өтемиз, буннан алдын абитуриентлер өзлери жасайтуғын аймақтағы Мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы өзлери қәлеген жоқары оқыў орынларына ҳүжжет тапсырыў имканияты жаратылыўы мүмкинлиги ҳаққында хабар берген едик.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.