БМШ Бас хаткери Антониу Гутерриш Ҳиндстан ҳәм Пакистанға қарама-қарсылықты сапластырыў ушын дәлдалшы болыўды усыныс етти.
Пакистанның Dunya News агентлигиниң хабарына қарағанда, халықаралық шөлкемниң баспасөз хаткери Стефан Дюжаррик Гуттериш еки мәмлекет басшыларына усындай усыныс пенен шыққанын айтқан. Буннан тысқары еки мәмлекет арасындағы қарама-қарсылықларды шешетуғын тыныш сөйлесиўлерде дәлдалшы болыў усынысы Түркия, Франция, Қазақстан, Канада ҳәм АҚШ тәрепинен де билдирилген.
ӨзА