ЕBIZMBA бизнес мәлимлеме тармағы тәрепинен алып барылған таллаў-статистикалық сораўдың нәтийжелерине бола 2019-жылдың биринши шереги ҳалатындағы дүньяның жетекши социаллық тармақларының онлығы жәрияланды.
Рейтинг нәтийжелерине бола, пайдаланыўшылар санының көплиги менен Google Search интернет излеў хызмети дүньяның жетекши интернет тармағы деп жәрияланды. Тармақта миллионлаған адамлар тәрепинен ҳәр күни үш ярым миллионға шамалас интернет излеў жумыслары әмелге асырылады.
Youtube тармағында күнине 5 миллион пайдаланыўшы тәрепинен видео көриў жумыслары әмелге асырылады. Пайдаланыўшылары санының есабына бола, бул тармақ рейтингтиң екинши текшесин ийеледи.
Күнине 1,5 миллион пайдаланыўшыларына ийе болған Facebook тармағы рейтингтиң үшинши орнын ийеледи.
Сондай-ақ, пайдаланыўшылары санының көплиги ҳәм халықаралық майданда ғалаба ен жайыўына бола Baidu, Wikipedia, QQ.com, Taobao, Yahoo, Tmall, Amazon социаллық тармақлары дүньяьның жетекши интернет тармақлары деп тән алынды.
Зуҳра МИРЗАБОЕВА, ӨзА