Fast Company агентлиги усы жылы да дәстүрий түрде өткерип киятырған дүньяның ең алдынғы 50 инновациялық компаниялар дизимин жәриялады. 2018-жылы биринши орынды ийелеген Apple усы рет 17-орынға түсип кеткен.
Рейтингке бола, 2019-жылдың февраль айында дүньяның ең алдынғы инновациялық компаниясы сыпатында Қытайдың хызмет көрсетиў тараўында жумыс алып барып атырған (мийманханалар ҳәм кинозалларға билет бронластырыў және аўқат жеткериў) Meituan Dianping технологиялық фирмасы ийелеген. Фирма 2018-жыл даўамында 2800 қаланың 350 миллион халқына 33,8 миллиард долларлық хызмет көрсеткен.
Ең жақсы бесликке Сингапурдың Grab, NBA, The Walt Disney Company компаниялары ҳәм Stitch Fix электрон саўда хызмети де кирген. Square, Oatly, Twitch, Shopify ва Alibaba Group Apple ден жоқарылап кеткен. «Apple» компаниясының 2018-жылы ең жақсы өними сыпатында A12 Bionic чипы хошаметленген. 2017-жылы оның ең жақсы өнимлери сыпатында iPhone X, Apple Watch Series 3, ARKit қурылмалары тән алынған еди.
Fast Company рейтинги мыңнан аслам компаниялар ўәкиллери қатнасыўында бизнес, мәденият ҳәм барлық тараўларда унамлы тәсир көрсеткен жылдың ең жақсы инновациялық жойбарды анықлаўға өткерилген сораўнама тийкарында дүзиледи. Apple усы жыл тек ғана «Турмыслық электроника» бөлиминде жетекшилик етип, Google, Microsoft ҳәм Dellди ди артта қалдырған.
Г.Азимова, ӨзА