Өзбекистан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң басшылығында усы жыл 17-август күни Ишки ислер уйымлары системасында алып барылып атырған жумыслардың жағдайы, машқалалар ҳәм келешектеги ўазыйпаларға бағышланған видеоселектор мәжилисинде 1-10-ноябрь күнлери Қарақалпақстан Республикасында ҳуқықбузарлықлардың профилактикасы ҳәм жынаятлардың алдын алыў бойынша быйылғы жылда әмелге асырылған жумысларды үйренип, Сенат жанындағы Комиссияның көшпели мәжилисинде көрип шығыў ҳәм келешектеги ўазыйпаларды белгилеп алыў тапсырылған еди. Усы мақсетте Сенат, прокуратура, суд, ишки ислер, әдиллик, денсаўлықты сақлаў, бәнтлик ҳәм мийнет қантасықлары, халық билимлендириў министрликлери және басқа да мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң орайлық аппараты хызметкерлеринен ибарат жумысшы топар дүзилди.
1-ноябрь күни Нөкисте усы жумысшы топардың нәтийжели жумыс алып барыўы және ҳуқықбузарлық пенен жынаятшылыққа байланыслы болған жағдайдың мониторингин жолға қойыў, мәмлекетимиз басшысы тәрепинен көрсетип берилген тапсырмалардың өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўына ерисиўди тәмийинлеў мақсетинде комиссияның үйрениў жумысларын шөлкемлестириў мәселелерине бағышланған мәжилис болып өтти.
Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов басқарып барды.
Илажда Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы, Ишки ислер уйымларының жынаятшылыққа қарсы гүресиў бойынша арнаўлы комиссиясының баслығы Н.Йўлдошев кең түрде шығып сөйлеп, халықтың тыныш – татыў турмысын тәмийинлеў, жынаятшылыққа ҳәм ҳуқықбузарлыққа қарсы гүресиў, жәмийетлик тәртипти және қәўипсизликти сақлаў мәселелери Президентимиз тәрепинен алып барылып атырған мәмлекетлик сиясатта ең әҳмийетли, тийкарғы орынды ийелейтуғынын атап өтти.
Ҳақыйқатында да, бул мәселе бүгин елимизде барлық социаллық-экономикалық реформалардың табыслы әмелге асырылыўын, елимизди модернизациялаўдың ҳәм жаңалаўдың ең тийкарғы шәрти және кепили болып есапланады.
Өткен қысқа ўақыт ишинде ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў ҳәм профилактика саласында кең көлемли жумыслар әмелге асырылды. Ҳуқық қорғаў уйымларының жумысында жаңа жумыс усыллары енгизилип, бул тараўда бир тутас ҳуқықый система жаратылды.
Елимизде ишки ислер тараўына байланыслы нызам ҳәм бир қатар пәрман және қарарлардың қабыл етилгени, профилактика инспекторларының хызмет жайлары ҳәм жеңиллетилген кредитлер есабынан автомашиналар менен тәмийинленгени, ҳәр шеректе тараў басшыларының депутатлар алдында есап бериў системасының жаратылғаны республикамызда нызам үстинлигин тәмийинлеўде және жынаятшылықтың алдын алыўда үлкен әҳмийетке ийе болмақта. Усы тийкарда өткен қысқа дәўир ишинде профилактикалық жумысларды күшейтиўге байланыслы механизмлер жаратылды. Әмелге асырлған жумыслар нәтийжесинде өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда республикамызда жүз берген улыўма жынаятлардың саны 338 ге азайды.
Мәжилисте Олий Мажлис Сенатының бөлим баслығы, усы мәселе бойынша дүзилген жумысшы топар баслығының орынбасары Б.Абдуллаев ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы, аймақлық комиссияның баслығы С.Турманов шығып сөйлеп, жумысшы топарлардың үйрениў дәўиринде әмелге асыратуғын ўазыйпалары туўралы түсиник берди.
Олий Мажлис Сенаты ағзалары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, халық депутатлары районлық ҳәм қалалық кеңеси депутатларынан, тийисли министрликлер менен шөлкемлердиң басшы хызметкерлеринен дүзилген жумысшы топар республикамыздың төрт аймағында үйрениў жумысларын алып барады. Үйрениў жумысларының нәтийжеси бойынша тийисли қарар қабыл етиледи.
Н.РЕЙПНАЗАРОВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы