Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасында Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы фракциясының мәжилисинде Мәмлекетлик бюджеттиң усы жылдың 9 айында орынланыў жуўмақлары, сондай-ақ, 2019-жылға мөлшерленген макроэкономикалық көрсеткишлер, салық ҳәм бюджет сиясатының тийкарғы бағдарлары додаланды.
Мәжилисте Өзбекстан Республикасы қаржы министриниң орынбасары Аҳадбек Хайдаров есап бериў дәўириндеги әмелге асырылған жумыслар бойынша мағлыўмат берди.
Партия фракциясының ағзалары есап бериў дәўиринде Мәмлекетлик бюджеттиң дәраматлары өткен жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 52,1 процентке өсип, белгиленген реже 115,3 процентке орынланғанына итибар қаратты. Бюджет дәраматларының жалпы ишки өнимдеги үлеси 22,2 процентти қурады. Мәмслекетлик бюджеттиң қәрежетлери өткен жылға салыстырғанда 30 триллион сумға (1,6 есеге) шамалас арттырылғаны, қәрежетлердиң 60 проценти социаллық тараўға бағдарланған болып, ажыратылған қаржының тийкарғы бөлеги медицина ҳәм билимлендириў системасына жумсалған.
-Президентимиздиң пәрманы тийкарында қабыл етилген Мәмлекетлик бағдарламалар шеңберинде әмелге асырылған жумыслар усы жылдағы жумысымызда әҳмийетли орынды ийеледи, – дейди қаржы министриниң орынбасары А.Хайдаров. – Атап айтқанда, «Абат аўыл» бағдарламасының орынланыўы бойынша аўыллық жерлердиң көриниси түп-тийкарынан жаңаланды. «Абат мәҳәлле» бағдарламасы шеңберинде 214,2 миллиард сум, сондай-ақ, қосымша дәреклер есабынан және 3,5 триллион сум қаржы ажыратылды. Сондай-ақ, «Yoshlar – kelajagimiz» мәмлекетлик бағдарламасы бойынша елимизде жас исбилерменлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, оларды киши бизнес пенен шуғылланыўға белсене тартыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў ушын коммерциялық банклер арқалы 7 процентлик кредит берилди.
Мәжилисте фракция ағзалары 2019-жылдың Бюджет мәселелерин додалады. Жергиликли ҳәкимликлердиң ўәкиллигин кеңейтиў ҳәм режеден арттырып орынланған дәраматларды аймақлардың өз ықтыярында қалдырылыў механизмин енгизиў нәтийжесинде 2018-жылдың жуўмақлары менен жергиликли бюджетлерде 5,5 триллион сумнан аслам қаржы қалыўы күтилмекте. Соның менен бир қатарда, елдиң бас финанслық ҳүжжетинде өткен қысқа дәўир ишинде орынларда халық пенен болған ашық пикирлесиўлер ўақтында пуқаралар билдирген көп жыллық усыныс ҳәм талапларды сәўлелендириўге айрықша итибар қаратылды.
* * *
Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы фракциясының мәжилисинде де усы мәселе додаланды.
Фракция ағзалары есап бериў дәўиринде қәрежетлердиң илим, әдебият, көркем өнер ҳәм спорт тараўларын раўажландырыўға, қалалық ҳәм аўыллық жерлерде жаңа үлгидеги арзан турақ жайлар қурыўға қаратылғанын айрықша атап өтти.
Додалаўларда ҳүкимет тәрепинен усынылған есабатларды қоллап-қуўатлаған ҳалда, елимиз бюджетиниң есап бериў дәўириндеги орынланыўына байланыслы бир қатар мәселелерге итибар қаратылды. Атап айтқанда, 2018-жылда мәденият мәкемелери хызметкерлериниң мийнет ҳақы төлемлерин төлеў системасының жетилистирилиўи мүнәсибети менен олардың мийнет ҳақысы орташа 45 процентке арттырылды. Сондай-ақ, мәденият үйлериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў ҳәм толық оңлаўға 70 миллиард сум, мәмлекетлик буйыртпа тийкарында миллий кино өнимлерин ислеп шығарыўға 44 миллиард сум, мәдений ҳәм археологиялық мийрасларды реставрациялаў жумысларына 63,8 миллиард сум ажыратылғаны атап өтилди.
2019-жылғы Мәмлекетлик бюджетте туризмди раўажландырыў мақсетинде «Гилем» музейин шөлкемлестириў ушын қаржылар ажыратыў нәзерде тутыў кереклиги ҳаққында усыныс билдирилди. Буннан тысқары, туризм тараўына социаллық шериклик тийкарында жеке меншик мүлкти кеңнен тартыў, жасларымызды өнерментшиликке ҳәм шаңарақлық исбилерменликке бағдарлаў зәрүрлиги ҳаққында айтып өтилди.
2019-2021-жылларға мөлшерленген орта мүддетли бюджет концепциясы ислеп шығылғанлығы фракция ағзалары тәрепинен қоллап-қуўатланды, сондай-ақ, мәмлекетлик бюджетти қәлиплестириў, оның дәраматлары менен қәрежетлерин режелестириў процесслерин түп-тийкарынан жақсылаўда ҳәм орынланыўын тәмийинлеўде усы ҳүжжеттиң қаншелли зәрүрлиги тән алынды. Ҳәзирги ўақытта бюджет концепциясында нәзерде тутылған илажлар, бәринен бурын, халқымыздың абаданлығын арттырыўға, елди социаллық-экономикалық раўажландырыўға, социаллық тараўды ҳәм оның инфраструктурасын буннан былай да жетилистириўге, сырт ел инвестицияларын экономикамызға кеңнен тартыўға хызмет ететуғыны атап өтилди.
Мәжилисте додаланған мәселелер бойынша фракциялардың тийисли қарарлары қабыл етилди.
Абдулазиз МУСАЕВ,
ӨзАның хабаршысы