Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылық жумысында өзине тән имиджи, турмыслық принциплери бар. Булар-халықтың ишине кирип, адамлардың турмысын тиккелей көзден өткериў, олар менен пикирлесип, талап ҳәм тилеклерин тыңлаў, аймақлардың социаллық-экономикалық жағдайы менен орнында танысып, келешекке мөлшерленген ўазыйпаларды белгилеп бериў.

Соның ушын мәмлекетимиз басшысы елимиздиң аймақларына тез-тез сапар етеди. Сондай сапарлардың гезектеги басқышы басланбақта. Бул реттеги биринши мәнзил де Қарақалпақстан.

Президент Шавкат Мирзиёев 15-ноябрь күни Нөкиске жөнеп кетти. Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президентиниң Баспасөз хызмети мәлим етти.

b0b66c7c-24b4-8356-768a-58d232a0d6e6.jpg

ӨзА