Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң усы жыл 23-февральдағы «Автомототранспорт қураллары айдаўшыларын таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў системасын жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў бойынша республикамызда бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.

Қарарда белгилеп қойылғанындай, 2018-жыл 1-августтан баслап автомототранспорт ҳәм қала электр транспорт қураллары айдаўшыларын таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў  хызмети мәмлекетлик билимлендириў мәкемелери, сондай-ақ, мәмлекетлик емес билимлендириў мәкемелери хызметин әмелге асырыў ҳуқықын бериўши лицензияға ийе болған басқа юридикалық шахслар тәрепинен әмелге асырылады. Бундағы мақсет, транспорт қуралларынан пайдаланыў барысында ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, айдаўшылардың жол ҳәрекети қағыйдаларына бойсыныўы бойынша жуўапкершилигин арттырыў, сондай-ақ, автомототранспорт қураллары айдаўшыларын таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў  хызметине хожалық жүргизиўши субъектлердиң қатнасы ушын теңдей шараят жаратыў болып табылады.

Нөкис қаласындағы 12-санлы «Қурылысшы» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында өз жумысын баслаған «ONGARDAULET TRANS» жуўапкершилиги шекленген жәмийети оқыў-өндирислик орайында тийкарынан «В» тайпасындағы айдаўшылық гүўалығы ушын айдаўшылар таярланбақта. Орайда тек ғана Нөкис қаласынан емес, республикамыздың көпшилик районларынан қәлеўшилер келип билим алмақта.

-Бүгинги мәлимлеме-коммуникация технологиялары жедел раўажланған дәўир ҳәр бир айдаўшыдан жоқары шеберлик ҳәм билим талап етеди.-дейди оқыў-өндирислик орай директоры Оңғарбай Турдымуратов.-Жасыратуғыны жоқ, жолларда жүз берип атырған жол-транспорт ҳәдийселериниң көпшилиги айдаўшылардың траснпорт қуралларын басқарыўда жетерли билимге ийе болмағанлығы, сондай-ақ, жол ҳәрекети қағыйдаларына бойсынбаўларынан келип шығып атырғанлығы сыр емес. Бизиң мақсетимиз, тыңлаўшыларға теориялық ҳәм әмелий сабақлар өтиў арқалы жол ҳәрекети қағыйдаларына түп-тийкарынан үйретиў, сол арқалы жол-транспорт ҳәдийселериниң алдын алыўға өз үлесимизди қосыўдан ибарат.

Буның ушын орайымызда барлық шараятлар жаратылған. Еки оқыў ҳәм бир компьютер ханамыз болып, олар заманагөй үскенелер менен тәмийинленген. Сондай-ақ, бир дана автотренажёр, киши ҳәм үлкен автомайданша болып, бул жерде тыңлаўшылар алған теориялық билимлерин әмелиятта беккемлеп барады. Келешекте «ВС», «Д», «ВСЕ», «ДЕ», «СЕ» тайпасындағы гүўалықларына ийе айдаўшыларды таярлаўды режелестирип отырмыз.

-Усы орайдың ашылғанын еситип, оқыўға келдим,-дейди питкериўшилерден бири Қоблан Әдилбаев.-Қысқа ўақыттың ишинде автомашинаны басқарыў сырларын терең меңгерип алдым. Бул ушын устазларыма миннетдаршылық билдиремен.

-Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 31-майдағы «Автомототранспорт қураллары ҳәм қалалық электр транспорт қураллары айдаўшыларын таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў бойынша мәмлекетлик емес билимлендириў хызметлерин көрсетиў жумысын лицензиялаў тәртибин буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы  қарары тийкарында республикамызда бүгинги күни 20 дан зыят усындай мәмлекетлик емес билимлендириў мәкемесине лицензия берилип, оларда түрли тайпадағы гүўалықлар ушын айдаўшылар таярланбақта,-дейди Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң баслығы Илесбай Қунназаров.-Бул оқыў орайларындағы айдаўшыларды таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыўдың сапасы инспекциямыз тәрепинен турақлы қадағаланып барылмақта.

Даўыт АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери.