Футбол бойынша Испания Ла-лигасының 10-турында «Барселона» ҳәм «Реал Мадрид» клублары өз ара гезлести.

Дүнья футбол ышқыпазлары тәрепинен қызығып тамашаланған ойында каталония клубы қарсыласларын 5:1 есабы менен жеңди.

«Камп Ноу»да өткерилген ойында «Барселона» қурамынан Луис Суарес хетт-трикке еристи. Биринши таймда пенальтиди табыслы орынлаған Суарес, екинши таймда және еки голға авторлық етти. «Барса»дан Филипе Коутиньо ҳәм Артуро Видаль бир голдан «Реал» дәрўазасына киргизди. Мадрид клубының бир ғана голына Марсело авторлық етти.

Солай етип, әзелий қарсыласы «Реал Мадрид»ти үлкен есапта жеңип шыққан каталония клубы Ла-лигада 21 упай менен биринши орынға көтерилди. Екинши орындағы «Атлетико Мадрид» 2 упайға жетекшиден артта бармақта. Ал «Реал» болса 14 упай менен 9-орыннан беккем орын алды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.