Усы жылдың 20-21-октябрь күнлери Брунейде регби-7 спорты бойынша қызлар арасында «Asia Rugby Sevens Trophy-2018» халықаралық турнири болып өтти.

Оған Азия континентинен Бруней, Индонезия, Ҳиндстан, Малайзия, Филиппин, Лаос, Пакистан, Непал, Гуам ҳәм Өзбекстаннан қызлар сайланды командалары қатнасты.

Өзбекстан сайланды командасы қурамында қарақалпақстанлы 3 спортшы – Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты дене мәденияты факультети студентлери Умида Балтабаева ҳәм Гүлназ Утепбаева, сондай-ақ, Дилбар Далиевалар да қатнасты.

Жарыслар 2 топарға бөлинген ҳалда 20-октябрь күни басланды. «В» топарында жарысларға қатнасқан жерлеслеримиз дәслеп 10:12 есабы менен Филиппин командасына имканиятты берип қойды. Жерлеслеримиз екинши ойында жақсы ҳәрекет етип, қарсыласлары болған Ҳиндстан командасын 10:5 есабында жеңди. Үшинши ойын жерлеслеримиздиң толық үстинлигинде өтти: Өзбекстан – Пакистан 35:0. Топарлық басқыштағы ең соңғы ойында жерлеслеримиз Непал қызларына қарсы ойынға түсип өзлериниң нелерге тайын екенлигин көрсете алды. Есап 10:7 есабында жерлеслеримиз пайдасына шешилди.

Топарлық басқышта жақсы нәтийже көрсете алған сайланды командамыз ўәкиллери упайлар есабы менен тиккелей ярым финал жолламасына ийе болды.

Ярым финалда халықаралық турнирлерде бир неше мәрте жеңимпаз болған Малайзия командасы менен ойын алып барған өзбекстанлы спортшыларға бираз тәжирийбе жетиспеди ҳәм ойын 0:5 есабында малайзиялы спортшылар жеңиси менен жуўмақланды.

21-октябрь күни жерлеслеримиз 3-орын ушын ойында Гуам командасы менен өз ара жарысқа түсти. Бул ойында да спортшыларымызға бираз әўмет жетиспеди. Есап 12:31.

Солай етип, өзбекстанлы спортшы қызлар командалық есапта 4-орын менен шекленди.

Бул – үлкен нәтийже есапланады. Сайланды командамыздың бундай нәтийже көрсетиўинде қарақалпақстанлы спортшы қызлардың үлеслери үлкен болды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.