Усы жыл 20-22-октябрь күнлери аралығында пайтахтымыздағы 1-санлы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде Өзбекстан Республикасы ҳуқық қорғаў уйымларының қол урысы федерациясы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги менен биргеликте спорттың қол урысы бойынша Өзбекстан кубоги өткерилди.

Елимизде қол урысын раўажландырыў, күшли спортшыларды анықлап, олардың шеберлигин арттырыў мақсетинде шөлкемлестирилген жарысқа, республикамыздың бир қатар ўәлаятларынан ҳәм Ташкент қаласынан 2004-2005-2006 ҳәм 2007-жыллары туўылған ҳәм онан жоқары жастағы 858 спортшы қатнасты.

Үш күн даўам еткен жарыста ҳәр бир қатнасыўшы өзлериниң топлаған тәжрийбесин, физикалық имканиятын сынақтан өткерип, төрешилер тәрепинен әдил баҳаланып барылды.

Жарыс жуўмағында Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик кәўипсизлик хызметиниң «Бүркит» командасы биринши, Наманган ўәлаятының спортшылары екинши, Наўайы ўәлаяты командасы үшинши орынды ийеледи.

Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом менен сыйлықланды.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы

(Мақаланың сүўретлери Қ.Кеңесбаев тәрепинен түсирген)