Усы жыл 2-октябрь сәнесинен баслап пайтахтымызда  «Жаслар спорт ҳәптелиги», «Ҳаял-қызлар спорт ҳәптелиги», «Мәҳәлле ҳәм нуранийлер спорт ҳәптелиги» турақлы түрде белсендилик пенен өткерилди.

22-27-октябрь күнлери аралығында республикамызда «Билимлендириў мәкемелери спорт ҳәптелиги» басланды. Бунда тийкарынан қалалық ҳәм районлық улыўма билим бериў мектеплериниң оқыўшы ҳәм оқытыўшылары,  орта арнаўлы кәсип-өнер билимлендириў мәкемелери менен жоқары билимлендириў мәкемелери арасында  ғалабалық спорт жарыслары өткериледи.

Ҳәптеликти өткериўдеги тийкарғы мақсет –  Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң басшылығында усы жыл 20-сентябрь күни өткерилген мәжилис баянламасында көрсетилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеўден ибарат.

Спорт ҳәптелигинде қала ҳәм районлар ҳәкимликлери, ҳаял-қызлар комитети, Өзбекстан Жаслар аўқамының қалалық ҳәм районлық бөлимлери, спорт бөлимлери, балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеплери, халық билимлендириў бөлимлери, кәсип-өнер колледжлери,  ишки ислер бөлимлери, медицина бирлеспелери, мәденият бөлимлери ўәкиллери, телехабаршылар, орта ҳәм жоқары оқыў орынларының оқыўшылары менен студент-жаслары  қатнасады.

Ҳәптелик шеңбериндеги ғалаба спорт жарысларында қатнасыўшылар спорттың азанғы дене шынықтырыў, жеңил атлетика (қысқа ҳәм орта аралыққа жуўырыў, узынлыққа ҳәм бийикликке секириў, эстафета), гандбол, волейбол,  баскетбол, стол тенниси, бадминтон, шахмат-шашка, гүрес, футбол түрлери бойынша өз-ара күш сынасады.

Бундай илажлар республикамыздың барлық районларында өткерилмекте.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы