Елимизде спортқа қаратылып атырған итибар себепли жасларымыз арасынан қәбилетли спортшылар  жетилисип шығып, олар халықаралық турнир ҳәм олимпиада ойынларына қатнасып, елимиз байрағын көклерге көтермекте.

Усы жыл 8-12-октябрь күнлери аралығында Қазақстан Республикасында Биржан Бубеевтиң естелигине бағышланып спорттың бокс түринен 2001-2002, 2003-2004, 2005-2006-жыллары туўылған жас өспиримлер арасында халықаралық ашық турнир өткерилди.

Турнирге республикамыздан пайтахтымыздағы олимпиада ҳәм миллий спорт түрлери бойынша қәнигелестирилген Нөкис жоқары спорт шеберлиги мектебинен Богдан Өтегенов 52 киллограм салмақта қатнасып, биринши орынды ийеледи. 

Сондай-ақ, усы жыл 7-12-октябрь күнлери аралығында Бухара ўәлаятында Фазлиддин Ураковтың естелигине бағышлап 2004-2005-жыллары туўылған жас өспиримлер арасында спорттың бокс түринен халықаралық турнир өткерилди.

Турнирге Ташкент қаласынан ҳәм барлық ўәлаятлардан және қоңсылас мәмлекетлерден 170 тен аслам спортшылар қатнасты.

Жарыс жуўмағында  жерлесимиз Исатай Семсеров 34 кг салмақта биринши, Тимур Батырбаев 63 кг салмақта екинши, Рахымжан Ахметов 40кг салмақта үшинши, Султанбек Сабырбаев 60 кг салмақта үшинши орынды ийеледи.

Спортшыларды жарысқа Р.Аметов, Р.Сейтовлар таярлады.

Жас боксшыларды ерисип атырған жетискенлиги менен қутлықлаймыз.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы