Усы жыл 19-октябрь күни пайтахтымызда биринши мәрте «Автомобильсиз күн» акциясы өткерилип, онда жуўырыў ҳәм велосипед айдаў бойынша марафон жарысы шөлкемлестирилди.   

Акция Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы,  Қарақалпақстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги, Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси, Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары жумысларын муўапықластырыў бойынша Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси ҳәм басқа да бирге ислеўши шөлкемлер менен биргеликте өткерилди.

Веломарафонға пайтахтымыздағы 3-санлы академиялық лицей алдынан старт берилип, финиш сызығы флагштог етип белгиленди.

Веломарафонға ҳәм жуўырыў марафонына  7 жастан 70 жасқа шекемги 250 ден аслам балалар ҳәм жас өспиримлер, нуранийлар, ҳаял-қызлар қатнасты.

– Ҳәр жылы 22-сентябрь сәнесинде дүньяның көплеген мәмлекетлеринде «Автомобильсиз күн» акциясы өткериледи. Минекей, быйылдан баслап бизлерде де ҳәптениң ҳәр үшинши жума күнинде  «Автомобильсиз күн» акциясы өткерилетуғын болды, – дейди ҚР ИИМ Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасының аға инспекторы Қалбай Муратов.- Бул акциядан кейин кең жәмийетшилик арасында, «Автомобильсиз күн»инде  машина айдаўға болмай ма? «Усы күни машинаны басқарсақ жарийма төлеймиз бе?», «Сол күни қайсы автотранспорт қуралларында ҳәрекет етиўге руқсат етиледи?», «Онда қатнасыў мәжбүрий ме?» деген сораўлар пайда болмақта. Акция- тек ғана усыныс қәсийетине ийе, яғный, ҳәш қандай жуўапкершилик жүклемейди. Биз тек ғана автомобильсиз ҳәрекет етиўди, жәмийетлик транспорттан, велосипедтен пайдаланыўды,  көбирек пияда жүриўди мәсләҳәт етемиз. Сонда бизлер пуқаралардың жолда жүриў мәдениятын арттырып, жол транспорты ҳәдийселериниң санын азайтып, атмосфераның патасланыўына қарсы гүрескен болар едик. Себеби, «Автомобильсиз күн» акциясы – саламатлық гиреўи есапланады.

Жарыс жуўмағында веломарафон бойынша Икрам Есалиев биринши, Зафар Орынбаев екинши, Бегис Кәримбаев үшинши орынды ийелеген болса, жуўырыў марафонында ер балалар арасында Шарапат Назаров биринши, Шерзод Колесников екинши, Расул Төлегенов үшинши орын жеңимпазы деп табылды. Ал, қызлар арасында Моҳим Ёллиева биринши, апалы-сиңлили Зайтуна Абабекова екинши, Мафтуна Абабекова үшинши орынды ийеледи.

15-20-октябрь күнлери аралығында өткерилип атырған «Мәҳәлле ҳәм Нуранийлар спорт ҳәптелиги» белсендилери менен жарыс жеңимпазлары шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы

(Мақаланың сүўретлери М.Ҳабибуллаев тәрепинен түсирилген  )