12-14-октябрь күнлери аралығында Грузияның Тбилиси қаласында 1998-1999 ҳәм 2000-2001-жыллары туўылған жас өспирим ер балалар ҳәм қызлар арасында спорттың самбо гүреси бойынша өткерилген Жәҳән чемпионатында жерлесимиз, Нөкис районындағы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебиниң тәрбияланыўшысы Клара Дәрменбаева 60 киллограм салмақта қатнасып, үшинши орынды ийеледи.

 

Жәҳән чемпионатына дүньяның 80 нен аслам мәмлекетинен спортшылар қатнасты.

17-октябрь күни Нөкис темир жол вокзалында спортшыны салтанатлы жағдайда күтип алыў мәресими өткерилди.

 

– Ҳәр бир тренер ушын шәкиртиниң жетискенликке ерискени үлкен мақтаныш. Шәкиртим Клара шаққан, тапсырманы булжытпай орынлайтуғын талапшаң спортшы, – дейди спортшының тренери Байрамбай Досбергенов. Ол усы күнге шекем 2 мәрте Азия чемпионы, бир неше мәрте Өзбекстан чемпионы болды. 2016-жылы Румынияда өткерилген Жәҳән чемпионатында 2-орынды ийеледи.

 

К.Дәрменбаева  спорттың гүрес ҳәм дзюдо түрлери менен де шуғылланады. 2016-жыл апрель айында Самарқанд ўәлаятында дзюдо бойынша өткерилген Өзбекистан чемпионатында 1-орынды ийелеп Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң дене мәденияты факультетине имтихансыз оқыўға қабылланды.

Еслетип өтемиз, Клара Дәрменбава өткен жылы 12-16-октябрь күнлери аралығында Сербия мәмлекетинде 1999-2001-жыллары туўылған қызлар арасында өткерилген Жәҳән чемпионатында 1-орын жеңимпазы болған еди.

К.Дәрменбаева елимиз байрағын еле де көклерге көтеретуғынына  исенемиз.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы