«Челси» ҳәм Италия сайланды командасының бурынғы устазы «Реал»ға бас тренер болыўы мүмкин. Бул ҳаққында Football Italia хабарына тийкарланып, Daryo.uz хабар бермекте.
Хабарда жазылыўынша, мадридлилер италиялы тренер менен дәслепки байланысларды орнатыўға үлгерген. Дәслепки сөйлесиўлер болса 15-октябрь күни болып өткен.
Антонио Конте ҳәзирги ўақытта мүддетинен алдын «Челси» бас тренерлигинен босатылғанлығы себепли Лондон клубы менен судласпақта. Егер италиялы қәниге судта жеңип шықса, оған 10 миллион евро муғдарында компенсация төленеди.
Мағлыўмат ушын, «Реал» Хулен Лопетеги тренерлигинде 4 ойыннан берли гол ура алмай атыр. Команда 1 ойында қарсыласлары менен тең ойнаған болса, 3 ойында жеңилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги