Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң спорт  сарайында «Ҳаял-қызлар спорты» ҳәптелиги шеңберинде волейбол бойынша факультетлер арасында жарыс болып өтти.

Университет ректораты, Ҳаял-қызлар комитети басланғыш шөлкеми, кәсиплик аўқамлары, спорт клубы тәрепинен шөлкемлестирилген илажға он факультеттен команда қатнасты. Жарыс жуўмағында тарийх-ҳуқық факультетиниң командасы биринши,шет тиллери факультетиниң командасы екинши,

химия-технология факультетиниң командасы үшинши орынды ийеледи.

-Ҳәр бир жәмәәт арасында денетәрбия ҳәм спортты кеңнен үгит-нәсиятлаўда, хызметкерлердиң бос ўақытларын мазмунлы өткериўде, ең баслысы, олардың саламатлығын беккемлеўде бундай ҳәптеликлердиң өткерилиўи айрықша әҳмийетке ийе,-дейди университет Ҳаял-қызлар комитети басланғыш шөлкеминиң баслығы, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген жаслар устазы Инжайым Сейтназарова. -Оқыў орнымызда ҳаял-қызлар арасында спорттың бир неше түринен  усындай жарысларды турақлы өткерип барыў дәстүрге айланбақта.

Жарыс жеңимпазлары ҳәм белсене қатнасқан командалардың ағзалары кәсиплик аўқамлары тәрепинен естелик саўғалары менен сыйлықланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.