«France Football» журналы 2018-жылдың ең жақсы футболшысына тапсырылатуғын «Алтын топ» сыйлығына ким ылайықлы екенлигин анықлаў мақсетинде ықласбентлер арасында сораўнама өткерди. Бул ҳаққында Kun.uz хабар бермекте.
Сораўнама нәтийжелерине муўапық, «Барселона» ҳүжимшиси Лионель Месси 48% даўыс пенен «Ливерпуль» ҳүжимшиси Муҳаммед Салаҳты (31%) үлкен парқ пенен артта қалдырды.
Үшинши орын «Ювентус» ҳүжимшиси Криштиану Рональдуға несип етти – 8%.
ФИФА тәрепинен жылдың ең жақсы футболшысы деп табылған «Реал» ярым қорғаўшысы Лука Модрич 2% даўыс топлады.
Сораўнамада 700 мыңнан аслам респондентлер қатнасты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги