Юань күшейиўи: Қытай компаниялары валюта қәўпинен қорғаўға өтпекте

10

Юаньның беккемлениўи ҳәм Жақын Шығыстағы урыс себепли валюта базарындағы турақсызлық артып атырған бир ўақытта, Қытай компаниялары валюта қәўипин азайтыў ушын дериватив финанслық қуралларға ғалаба түрде мүрәжат етпекте. Бул процесс айырым жағдайларда рәсмийлер тәрепинен де хошаметленип атыр.

Соңғы айларда экспортёрлар долларға байланыслылықты азайтыў ушын түрлише әмелияттан белсене пайдалана баслады. Январь айында сырт ел валютасын сатыў рекорд дәрежеге шығып, 39 миллиард долларға жетти. Бул өткен жылы декабрьде атап өтилген 100 миллиард долларлық сап сатыўдан кейинги көрсеткиш.

Юань 11 айда долларға салыстырғанда дерлик 6 процентке қымбатлағаны айырым экспортёрлардың дәраматына унамсыз тәсир көрсетти. Соның ушын көплеген компаниялар доллар түсимин дәрҳал юаньға алмастырып, валюта қәўпинен қорғалмақта.

Қытай валюта қадағалаў басқармасы ҳәм Орайлық банки айырым банклерге компаниялар арасында белгили бир қуралларды кеңирек қолланыўды усыныс еткен. Ҳәзир мәмлекетте валюта қәўип-қәтерин қамсызландырыў дәрежеси шама менен 30 процент ҳәм бул көрсеткишти және арттырыў режелестирилмекте.

Қәнигелердиң пикиринше, егер компаниялар өз доллар резервиниң бир бөлегин мәмлекетке қайтарса, Қытай валюта базарында мисли көрилмеген өзгерис жүзеге келиўи, юань және де беккемлениўи мүмкин.

Мусулмон Зиё, ӨзА