Вашингтон саўда шериклерин тексериўге киристи

9

АҚШ ҳүкимети ири саўда шериклерине “Section-301” жойбары шеңберинде әдалатсыз саўда әмелияты бойынша тексериў баслады. Бул қарар Жоқары суд Президент Дональд Трамп енгизген айырым тариф илажларын нызамсыз деп тапқаннан кейин қабыл етилди.

Саўда ўәкили Жеймсон Грирдиң мәлим етиўинше, тексериў нәтийжесинде Қытай, Европа Аўқамының айырым мәмлекетлери, Ҳиндстан, Япония, Қубла Корея ҳәм Мексикаға қарсы қосымша импорт бажысы енгизилиўи мүмкин. Дизимге Вьетнам, Таиланд, Малайзия, Камбоджа, Сингапур, Индонезия, Бангладеш, Швейцария ҳәм Норвегия да киргизилген.

Вашингтон бул мәмлекетлерди Америка базарына артықша өндирис өнимлерин алып кириў арқалы мәмлекет санаатына басым өткериўде айыпламақта. Рәсмийлер тексериўди жазға шекем жуўмақлап, итималлы тариф илажын қолланыўды нәзерде тутпақта.

Бул қәдем нызамшылықта пайда болған ҳуқықый бослықты толтырыўға қаратылған. Есиңизде болса, АҚШ басшылығы 10 процентлик глобаллық тариф енгизип, кейин бажыны 15 процентке шекем арттырыў имканиятын билдирген еди.

Ҳәзирги ўақытта АҚШ ҳәм Қытай рәсмийлери Парижде ушырасыў өткериўи күтилмекте. Бул сөйлесиў март айының ақырында Трамп ҳәм Си Цзиньпин арасындағы болыўы мүмкин ушырасыўға таярлық сыпатында баҳаланбақта.

Мусулмон Зиё, ӨзА