Италияда судьяларды лотерея арқалы таңлаў имканияты көрип шығылмақта

Италия ҳүкимети суд системасындағы коррупция ҳәм топарға бөлиниўге шек қойыў мақсетинде әййемги Рим дәстүрлерине тән қызықлы усылды енгизиўге таярланбақта. Бас министр Джоржа Мелони басшылығындағы консерватив ҳүкимет суд системасын түп-тийкарынан реформалаў басламасы менен шықты.
Усы жылы 22-23-март күнлери Италияда улыўмахалықлық референдум өткерилиўи режелестирилген. Бул илаж арқалы пуқаралар суд системасы басқарыў кеңеси ағзаларын тосыннан таңлаў (лотерея) системасына өтиў мәселесин шешеди. Бул өзгеристен гөзленген тийкарғы мақсет түрли сиясий күшлер арасында жүз берип атырған жасырын келисимлерди сапластырыў болып табылады. Лотерея арқалы сайланған ағзалар ҳеш бир сиясий топар алдында өзин қарыздар деп есапламайды.
Бул реформа үш тийкарғы бағдарды қамтып алады: судья ҳәм прокурорлардың жумысы бир-биринен пүткиллей ажыратылады, суд системасының басқарыў кеңеси еки айрықша ҳәм бийғәрез уйымға бөлинеди, система хызметкерлериниң қәте-кемшиликлерин қалыс көрип шығатуғын жаңа арнаўлы интизамый суд шөлкемлестириледи.
Ҳүкимет басшысы RTL радиосына берген интервьюинде былай деген: Әдиллик Италияны услап турған үш тийкарғы бағаналардан бири. Ҳәзир әмелге асырмасақ, бундай реформа имканияты басқа келмеўи мүмкин.
Қулласы, Италия суд системасы ашық-айдынлығы бағдарында пүткиллей жаңа басқышқа көтерилиўи күтилмекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги