Иран Ормуз буғазына мина қойып атыр ма?

5

Жақын Шығыстағы кескинлик дүнья энергетика базарына айрықша тәсир етпекте. Дүньяда қазып алынатуғын шийки нефтьтиң дерлик бестен бир бөлеги өтетуғын стратегиялық әҳмийетке ийе Ормуз буғазы әтирапында жағдай және де кескинлести. АҚШ разведкасының мағлыўматына бола, Иран бул суў жолын миналастырыўды баслағаны айтылмақта. Ҳәзирги ўақытта бир неше онлаған мина орнатылғаны ҳаққында хабарлар тарқалған, мәмлекет ықтыярында болса жүзлеген минаны қысқа ўақыт ишинде жайластырыў имканиятына ийе кемелер бар.

Хабарларға бола, Ислам революциясы қорғаўшылары корпусы буғаз аймағында ракета системасы ҳәм жарылыўшы зат жүкленген тез жүрер қайықлар арқалы қурамалы ҳүжим шөлкемлестириў ҳәм қорғаныў системасын қәлиплестирген.

Президент Дональд Трамп буғазда кемелер ҳәрекетине тосқынлық қойылса, қатаң шара көрилетуғынын билдирген. АҚШ Орайлық сәркардалығы Иранға тийисли 16 мина орнатыўшы кемениң жоқ етилгени ҳаққында мағлыўмат берди.

Ормуз буғазындағы жағдай дүнья экономикасына да сезилерли тәсир көрсетпекте. Егер бул суў жолы толық жабылса, ҳәр күни экспорт етилетуғын шама менен 15 миллион баррель нефть ҳәм 4,5 миллион баррель жанылғы Персия қолтығы аймағында тоқтап қалыўы мүмкин. Ирақ, Кувейт сыяқлы айырым мәмлекетлер ушын бул буғаз дерлик бирден-бир экспорт жолы болып есапланады. Сол себепли базардағы анықсызлық нефть баҳасының кескин өзгериўине алып келмекте. Ҳәзир бир баррель нефть 80-90 доллар аралығында өзгерип тур.

Жағдайдың аўырласыўын есапқа алған ҳалда, халықаралық жәмийетшилик итималлы энергетика кризисиниң алдын алыўға ҳәрекет етпекте. G7 мәмлекетлери нефть жетиспеўшилигин стратегиялық резерв есабынан қаплаўға таяр екенин билдирген. Халықаралық энергетика агентлиги болса базарды турақластырыў мақсетинде тарийхый ең көп муғдардағы резервти айланысқа шығарыў усынысын алға қойды. Ҳәзирги ўақытта Ормуз буғазы әтирапындағы жағдай дүнья энергетика қәўипсизлиги ушын ең әҳмийетли машқалаға айланған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги