Егиске таярлық: «XinLuZhong-52» шигити жетип келди

24

2026-жылдың пахта өними ушын егиске таярлық жумыслары шеңберинде Қарақалпақстан Республикасына Әндижан ўәлаятында жумыс алып барып атырған «Agro-Bereke» кәрханасында қадақланған, Қытай селекциясына тийисли «XinLuZhong-52» сортлы пахта шигитлери алып келинбекте.

Кәрхана баслығының мәлим етиўинше, қарақалпақстанлы фермер хожалықлары менен усы пахта шигитиниң 1500 тоннасын жеткерип бериў бойынша шәртнамалар дүзилген.

Усы жерде «XinLuZhong-52» пахта сорты заманагөй технологиялар тийкарында қайта исленген шигит екенин атап өтиў орынлы. Атап айтқанда, шигитлер арнаўлы калибрлеў процесинен өткерилип таңлап алынады. Соның менен бирге, жоқары сапа көрсеткишлерин тәмийинлеў мақсетинде фотосепарация технологиясы жәрдеминде қайта исленеди.

Ҳәзирги ўақытта шигитлерди жеткерип бериў жумыслары басланды. Пахта шигитлери Тақыятас районындағы “Тақыятас дән” АЖ қоймаханасына түсирилмекте ҳәм усы қоймахана арқалы аймақтағы фермер хожалықларына басқышпа-басқыш жеткерип берилиўи режелестирилген.

Бул жумыслар 2026-жылғы пахта егиў мәўсимин сапалы шигит пенен тәмийинлеў, өнимдарлықты арттырыў ҳәм аўыл хожалығында нәтийжелиликти және де арттырыўға хызмет етеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги