Пидайы мийнеттиң мүнәсип баҳаланыўы: ҳаял судьяларға жоқары ҳүрмет

17

Мәмлекетимизде кейинги жыллары Өзбекстан Республикасы Президенти басшылығында барлық тараўлар сыяқлы, суд-ҳуқық системасында да ири реформалар әмелге асырылды. Елимизде инсан қәдирин ҳәм оның ҳуқықлары менен мәплерин тәмийинлеў ҳәр қашанғыдан да үлкен әҳмийетке ийе болмақта. Әсиресе, жаңа парламентимиз тәрепинен 2025-жылдың өзинде судлардың жумысы және пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлериниң кепилликлерин күшейтиўге байланыслы нызамлар қабыл етилгенин атап өтиўимиз керек.

Соның менен бирге, мәмлекетимизде әдил судлаўды, нызамлылықты ҳәм  суд системасында гендер теңликти тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда да көплеген унамлы ислер әмелге асырылмақта. Кейинги ўақытта барлық тараў ҳәм тармақларда ерисип атырған нәтийжелеримизге усы көзқарастан баҳа берип, олардың тийкарында, бәринен бурын, инсаныйлық ҳәм халықшыллық принциплери жәмленгенин ҳәм “Инсан мәпи ушын” ушын идеясы принципи тийкарындағы ислер өз нәтийжесин берип атырғанын айрықша атап өтиў орынлы.

Қарақалпақстан Республикасы судының экономикалық ислер бойынша судьясы Гүлистан Ешназарова ҳәм Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судының судьясы Жанат Аймаганбетовалар суд системасында жемисли мийнет етип атырған усындай билимли кадрлардан болып табылады.

Гүлистан Ешназарова 2023-2025-жыллар даўамында апеллияция, кассация ҳәм ревизия тәртибинде 246, инстанция тәртибинде 13 экономикалық ислерди, Ж.Аймаганбетова 170 ҳәкимшилик ислерди көрип шығып, нызам тийкарында қарар шығарды. Соның менен бирге, олар халықтың ҳуқықый билимин жоқарылатыў мақсетинде, республикамыз аймақларында турғынлар менен ушырасыў өткерип, нызамшылығымызға киргизилип атырған жаңа өзгерис ҳәм қосымшалар ҳаққында кең түрде үгит-нәсият жумысларын жүргизди. Республикамыз ғалаба хабар қуралларында шығып сөйлеп, өзлериниң белсендиликлерин көрсетти. Олар әмелдеги нызамшылыққа өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў бойынша да өзлериниң пикир ҳәм усынысларын билдирип келмекте.

Сондай-ақ, жас кадрларға өзлериниң билим ҳәм ис-тәжирийбелерин үйретип, оларға устазлық етип киятыр. Олардың ислеген усындай пидайы мийнетлери инабатқа алынып, ҳаял-қызлар байрамы алдында, 10-март – Халықаралық ҳаял судьялар күни мүнәсибети елимиз суд уйымларындағы көп жыллық нәтийжели мийнети, жәмийетте нызам үстинлигин тәмийинлеў, тараўға байланыслы реформаларды тереңлестириў, әдил судлаўды әдалат, қалыслық ҳәм ашық-айдынлық принциплери тийкарында әмелге асырыў арқалы Жаңа Өзбекстанда инсан қәдирин улығлаў, пуқаралардың нызамлы ҳуқықлары менен мәплерин қорғаўға мүнәсип үлес қосып атырғаны, жоқары профессионаллық шеберлигин көрсетип, хызмет ўазыйпасын өз кәсибине садықлық пенен орынлап киятырғаны, жоқары маманлықтағы кадрларды таярлаў, жас әўладты Ўатанға муҳаббат, миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў бағдарындағы ибратлы жумысы ҳәм жәмийетлик турмыста белсене қатнасқаны ушын Өзбекстан Республикасы Президентиниң арнаўлы Пәрманы менен Гүлистан Ешназарова “Жасорат”, Жанат Аймаганбетова “Шуҳрат” медальлары менен сыйлықланды.

Өз гезегинде бизлер де өз кәсибиниң пидайысы болған бул судьяларды алған жоқары сыйлықлары менен шын кеўилден қутлықлап, олардың алдағы жумысларына раўаж тилеймиз!

Қарақалпақстан хабар агентлиги