Ҳаял-қызлар – жәмийет раўажланыўының белсенди күши

22

Кегейли районында 8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күни мүнәсибети менен салтанатлы байрам илажы шөлкемлестирилди. Илажда район ҳәкими А.Камалов қатнасып, ҳаял-қызларды байрам менен қызғын қутлықлады.

Илаж даўамында ҳаял-қызлардың жәмийетлик турмыстағы орны, мәмлекетимиздиң раўажланыўы ҳәм социаллық-экономикалық раўажланыўындағы хызметлери, сондай-ақ, билимлендириў, медицина, мәденият, исбилерменлик, аўыл хожалығы ҳәм басқа да тараўларда жумыс алып барып атырған ҳаял-қызлардың нәтийжели мийнети атап өтилди.

Байрам илажы шеңберинде түрли тараўларда пидайы мийнет етип киятырған бир қатар ҳаял-қызларға миннетдаршылық билдирилип, оларға естелик саўғалары тапсырылды.

Илаж даўамында елимизге белгили көркем өнер шеберлери  атқарыўындағы концерт бағдарламасы қатнасыўшыларға көтериңки кейпият инам етти.

Адилбай Оразов,

                        Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы