Президент: Енди ҳаял-қызлардың ҳуқық ҳәм мәплерине тәсири баҳаланбай турып, бирде-бир нызам қабыл етилмейди

22

Көксарай резиденциясында Халықаралық ҳаял-қызлар күни мүнәсибети менен байрам илажы даўам етпекте. Президент Шавкат Мирзиёев пүткил Өзбекстан ҳаял-қызларын 8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күни менен қызғын қутлықлады.

Елимизде ҳаял-қызлардың ҳуқық ҳәм мәплерин тәмийинлеў, машқалаларын шешиў бойынша пүткиллей жаңа система жаратылғаны атап өтилди.

Барлық нызам, пәрман ҳәм қарарларды қабыл етиўде гендер мәселеси бойынша ҳуқықый механизмлер енгизилди. Енди ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен мәплерине тәсири баҳаланбай турып, бирде-бир нызам қабыл етилмейди.

Жаратылған кең имканият ҳәм шараятлар есабынан 230 мыңға шамалас исбилермен ҳаял-қызлар класы қәлиплести, мийнеткеш фермер ҳаял-қызларымыз 12 мыңнан асты. Илимниң раўажланыўына үлкен үлес қосып атырған илимпазларымыз 6 мыңнан артты. Өткен жылы дүнья ареналарында мәрт қызларымыз 167 алтын, 193 гүмис, 243 қола медалын қолға киргизди.

Ҳаял-қызларымыз турмысындағы мине усындай үлкен өзгерислер дүнья жәмийетшилиги тәрепинен тән алынбақта.

Атап айтқанда, Өзбекстан Парламентлераралық аўқамның “Парламенттеги ҳаял-қызлар” рейтингинде 92 текше жоқарылап, 36-орынды ийеледи. “Гендер теңлик ҳәм басқарыў” индексинде 103-орыннан 52-орынға көтерилди. Жәҳән банкиниң “Ҳаял-қызлар, бизнес ҳәм нызам” индексинде болса өз позициясын 43 текшеге жақсылап, 48-орынға шықты.

ӨзА