Аўыл хожалығы тараўындағы жумысларды күшейтиў мәселелери додаланды

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының аўыл ҳәм суў хожалығы бойынша орынбасары – Аўыл хожалығы министри Камилжан Айтбаев министрлик жәмәәти менен биринши мәжилисин өткерди.
Мәжилис даўамында министрлик системасында атқарыў тәртибин беккемлеў, хызмет ўазыйпаларын жуўапкершилик пенен орынлаў ҳәм ҳәр бир хызметкердиң аймақларға шығып, фермер хожалықлары ҳәм дийқанлар менен тиккелей ислесиўин күшейтиў зәрүрлиги айрықша атап өтилди.
Сондай-ақ, алдымызда турған 2026-жылдың өними ушын егис мәўсимин шөлкемлескенлик пенен өткериў, агротехникалық илажларды өз ўақтында әмелге асырыў, фермер хожалықларына әмелий жәрдем көрсетиў бойынша анық ўазыйпалар белгилеп берилди.
Мәжилисте аўыл хожалығы тараўында заманагөй технологияларды енгизиў мәселелери де додаланды.
Атап айтқанда, өндирис процесслеринде жасалма интеллект технологияларынан пайдаланыў, санластырыў процесслерин жеделлестириў ҳәм мағлыўматлар тийкарында нәтийжели басқарыў системасын жолға қойыў бойынша тийисли тапсырмалар берилди.



Жаңа басшы министрлик жәмәәтин алдымызда турған ўазыйпаларды аўызбиршиликли, жуўапкершилик пенен әмелге асырыўға шақырып, аўыл хожалығы тараўын буннан былай да раўажландырыў жолында системалы жумысларды күшейтиў зәрүрлигин атап өтти.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги