Санаат тараўында инвестициялық бирге ислесиў мәселелери додаланды

16

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Фарход Эрманов Қытайдың «Xihe Metallurgy International Limited» компаниясының бас директоры Ван Цзюн менен ушырасыў өткерди.

Сөйлесиў даўамында аймақта санаатты раўажландырыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм экспорт потенциалын арттырыўға қаратылған перспективалы жойбарлар, санаат тараўында инвестициялық бирге ислесиў мәселелери додаланды.

Ушырасыўдың тийкарғы бағдарлары сыпатында дузды қайта ислеў ҳәм металлургия санаатын раўажландырыў мәселелери көрип шығылды. Қытайлы инвесторлар тәрепинен заманагөй технологияларды енгизиў, өндирислик қуўатлықларды кеңейтиў ҳәм өнимлерди терең қайта ислеў арқалы жоқары қосымша қун жаратыў бойынша усыныслар билдирилди.

Министрлер Кеңесиниң Баслығы өз гезегинде аймақта инвесторлар ушын жаратылған қолайлы шараятлар, инфраструктура имканиятлары ҳаққында мағлыўмат берди. Сондай-ақ, инвестициялық жойбарларды жедел ҳәм нәтийжели әмелге асырыў бойынша әмелий бирге ислесиў механизмлерин жолға қойыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги