БАӘ: Региондағы кескинликке қарамастан портлар жумысы тоқтамайды

Бирлескен Араб Әмирликлериниң ири логистика ҳәм порт операторы – “AD Ports Group” региондағы геосиясий жағдайға қарамастан, барлық операциялар әдеттегидей тәртипте даўам етип атырғанын мәлим етти. Компания қәўипсизлик илажы сыпатында кризисти басқарыў ҳәм бизнес үзликсизлигин тәмийинлеў режелерин иске қосқан.
Бул процесс Әмирликтиң тийисли уйымлары менен биргеликте әмелге асырылып, хызметкерлер ҳәм қарыйдарлардың қәўипсизлигине айрықша итибар қаратылмақта, деп жазады “WAM” басылымы.
Атап өтилиўинше, компания басқарып атырған барлық портлар ҳәм терминаллар, соның ишинде, Халифа порты да толық жумысын даўам еттирмекте. Соның менен бирге, Ормуз буғазы арқалы кемелер ҳәрекетиниң азайыўы себепли Халифа портына кирип киятырған кемелердиң саны қысқарыўы мүмкин екенлиги атап өтилди, бирақ бул порт хызметлериниң үзликсиз ислеўине тәсир етпейтуғыны атап өтилди.
“AD Ports Group” мағлыўматына бола, региондағы жағдай себепли айырым саўда жөнелислери өзгериўи итималы бар ҳәм бул компанияның глобаллық теңиз тармақларында жүк тасыў көлемин арттырыўы мүмкин. 122 жүк кемесиниң көпшилиги Ормуз буғазынан тысқары аймақларда жумыс алып бармақта, буғаздағы кемелер болса Персия қолтығы ишиндеги рейслерди даўам еттирмекте.
Компания басшысы Муҳаммад Жума аш-Шомисий геосиясий кескинликлерге қарамастан, халықаралық саўда турақлылығы сақлап қалынып атырғанын атап өтти. Оның сөзлерине бола, нәтийжели басқарыў ҳәм қәўип-қәтерлерди алдыннан баҳалаў арқалы компания глобаллық тәмийнат шынжырларының турақлылығын қоллап-қуўатлайды.
Мусулмон Зиё, ЎзА