Рамазан қайыр-сақаўат ҳәм мийрим шәпәәт айы

22

Рамазан қайыр-сақаўат ҳәм мийрим-шәпәәт айы болып, бул айда жәрдемге мүтәж шаңарақлардан хабар алыў илажлары орынларда даўам етпекте. 

O’zLiDePтен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты Қоразбай Ешбаев Қоңырат районындағы “Хорезм,” “Қоңырат,” “Әдебият,” “Өрнек” ҳәм “Қыят” аўыл пуқаралар жыйынларында жасап атырған жәрдемге мүтәж шаңарақлардан хабар алды.

Мүбәрек рамазан айы мүнәсибети менен шөлкемлестирилген бул қайырқомлық илажында кем тәмийинленген, социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақларға азық-аўқат өнимлери тарқатылды. Сапар даўамында депутат халық пенен пикирлесип, олардың турмыс шараяты, машқала ҳәм усынысларын тыңлады.

Сақаўат ҳәм мийрим-шәпәәт айында әмелге асырылған бундай ийгиликли жумыслар пуқаралар арасында өз-ара ҳүрмет ҳәм аўызбиршилик орталығын беккемлеўге хызмет етпекте. Әсиресе, жәрдемге мүтәж шаңарақларға көрсетилип атырған итибар ҳәм ғамқорлық олардың ертеңги күнге болған исенимин және де арттырады.

Партия ўәкиллери тәрепинен орынларда алып барылып атырған бундай қайырлы илажлар пуқаралар мәплерин тәмийинлеў, халықтың абаданлығын арттырыў ҳәм социаллық әдиллик принциплерин беккемлеў жолындағы әмелий ҳәрекетлердиң айқын көриниси болып есапланады.

                                                                  Қарақалпақстан хабар агентлиги