Жас боксшылар Шыршық рингинде

11

Ташкент ўәлаятының Шыршық қаласында 2012-2013-жыллары туўылған жас өспиримлер арасында бокс бойынша Жәҳән ҳәм Азия чемпионатының сыйлы орын ийеси, жер жүзилик әскерий ойынлардың чемпионы Мадияр Сайдрахимовтың ҳүрметине халықаралық турнир болып өтти.

Жарысқа мәмлекетимизден тысқары қоңсылас Қазақстан, Қырғыз Республикаларынан да жас боксшылар қатнасып, жеңимпазлық ушын өз-ара беллести.

Кескин өткен беллесиўлерде республикамызда жайласқан бокс мектеплериниң де тәрбияланыўшылары қатнасып, онда еки спортшымыз сыйлы орынды ийелеўге миясар болды. Атап айтқанда, 52 кг салмақ категориясында рингке шыққан Қоңырат районы спорт мектеби тәрбияланыўшысы Жавоҳир Аманкелдиев ҳәм Республикалық жеке гүрес түрлерине қәнигелескен спорт мектеби тәрбияланыўшысы  +70 кг салмақта Дамир Толыбаевлар гүмис медальды қолға киргизиўге миясар болды.

Жас боксшыларымызды бул жарысқа тренерлерден Оралбай Қарлыбаев ҳәм Руслан Аметовлар таярлады.

Адилбай Оразов,

                                               Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы