Дүнья хабарлары қысқа қатарларда

Фон дер Ляйен кескин сынға алынды

Европа Комиссиясы басшысы Урсула фон дер Ляйен Иран әтирапындағы келиспеўшиликке жедел мүнәсибети артынан сын орайында қалды. Сыншылардың пикиринше, ол тийкарында басқа институтлар ўәкиллигине киретуғын сыртқы сиясат тараўына көбирек араласпақта. Келиспеўшилик басланғаннан кейин фон дер Ляйен Иран бойынша биринши болып реакция билдирген европалы басшылардан болды ҳәм бир неше күн ишинде онлаған дипломатиялық сөйлесиўлер өткерди.
Бир қатар европалы депутатлар ҳәм аналитиклер бул жағдайды “ўәкилликлерди кеңейтиўге урыныў” деп баҳаламақта, себеби ЕАда сыртқы сиясатты рәсмий түрде Кая Каллас басқарады, мәмлекет басшылары дәрежесинде болса ЕА ны Антониу Кошта билдиреди. Соның менен бирге, айырым экспертлер фон дер Ляйенниң белсендилигин унамлы баҳалап, айырым мәмлекетлер тез қарар қабыл ете алмаған ўақытта ол “сиясий бослықты толтырмақта” деген пикир билдирмекте.
Трамп тарифлери бийкар етилиўи мүмкин

АҚШ апелляция суды Дональд Трамп енгизген тарифлер бойынша жумысты жеделлестириўге қарар етти. Алдын мәмлекет Жоқарғы суды 1977-жылғы нызам президентке тариф енгизиў ўәкиллигин бермейтуғынын билдирип, 2025-жылы киргизилген кең көлемли бажыларды нызамсыз деп тапқан еди. Сол себепли, ҳүкимет 130 млрд доллардан аслам қаржыны импортёр компанияларға қайтарыўы мүмкин. Бул мәмлекет тарийхындағы ең үлкен тариф компенсациясы болыўы күтилмекте.
Енди ис АҚШ Халықаралық суды тәрепинен көрип шығылады ҳәм қайтарыў тәртиби белгиленеди. Ҳәзирге шекем 2000 ға шамалас компания, соның ишинде, “FedEx”, “Costco” ҳәм басқалар компенсация талап етип судқа мүрәжат еткен. ЕА компаниялары тиккелей компенсация алмайды, себеби пул тарифти төлеген америкалы импортёрларға қайтарылады, бирақ қарар Европа товарлары ушын базардағы басымды азайтыўы мүмкин.
ЕА энергия жетиспеўшилигинде Әзербайжан газине сүйенбекте

Европа Аўқамы Жақын Шығыстағы келиспеўшилик артынан жүзеге келген энергетикалық басым шараятында Әзербайжан менен газ бирге ислесиўин әҳмийетли деп баҳалады. ЕАның энергетика комиссары Дан Жоргенсен Бакуға сапары даўамында Әзербайжан гази Европа энергетикалық қәўипсизлигиниң “әҳмийетли тиреги” болып қалатуғынын атап өтти. Қатарда “LNG” ислеп шығарыўдың тоқтап қалыўы ҳәм Ормуз буғазындағы жағдай глобаллық энергия тәмийнатына басымды күшейткен.
Европа Россия газине байланыслылықты азайтыў сиясаты шеңберинде Әзербайжанды тийкарғы альтернатив дереклерден бири сыпатында көрмекте. 2025-жылы Баку ЕА мәмлекетлерине 12,5 млрд куб метр газ жеткерип берди, бул 2021-жылға салыстырғанда дерлик 54% ке көп. Соған қарамастан, аналитиклер Европа ушын тийкарғы қәўип ҳәзирше газ жетиспеўшилиги емес, ал баҳалардың кескин өзгериўи ҳәм глобаллық “LNG” базарында бәсекиниң күшейиўи болып есапланады.
Японияда космос революциясы: орбита қәўипсизлигин тәмийинлеп атырған ҳаяллар

Японияда космос тараўында жана технологиялық революция қәлиплеспекте ҳәм бул процесте ҳаял қәнигенлер әҳмийетли роль атқармақта. Ито Мики басшылығындағы “ADRAS-J” миссиясы биринши мәрте орбитадағы космослық шығындыларға 15 метрге шекем жақынласып, оларды келешекте тазалаў технологиясын сынақтан өткерди. Қәнигелердиң атап өтиўинше, космослық шығындылар оқтан 100 есе тез ҳәрекетлениўи мүмкин ҳәм бул GPS, банк системалары ҳәм байланыс спутниклери ушын үлкен қәўип туўдырады.
Соның менен бирге, космос инфраструктурасын арзанлатыўға қаратылған платформа иске қосылды. Компания ҳәр қыйлы жер үсти станцияларын бир тармаққа бирлестирип, киши компанияларға да спутниклер менен байланысыў имканиятын береди. Бул қатнас космос экономиканы кеңейтип, орбитадағы инфраструктурадан пайдаланыўды жаңа басқышқа алып шығыўы мүмкин.
Кипрде әскерий қырағылық: Европа мәмлекетлери күш жибермекте

Ираннан ушырылған дронлар Уллы Британияның Кипрдеги “RAF Akrotiri” авиабазасына жөнелтилгенинен кейин Европа мәмлекетлери атаўға қосымша әскерий күш жибериўге қарар етти. Франция Кипрге әскерий кеме ҳәм дронларға қарсы системалар жиберетуғынын мәлим етти, Германия да әскерий кеме жибериўге келисим берген. Соның менен бирге, Греция төрт F-16 қырыўшы самолётын ҳәм еки фрегатты атаўға қарай бағдарлаған.
Кипр рәсмийлери бойынша, дронлар Ливан аймағынан ушырылған болыўы мүмкин ҳәм олардың артында Ҳизбуллоҳ турғаны болжанбақта. Ҳүжим нәтийжесинде база инфраструктурасына жеңил зыян жеткен. Бул ўақыя Жақын Шығыстағы кескинлик Европаға да тәсир етип атырғанын көрсетип, Кипрди региондағы әҳмиетли әскерий ҳәм стратегиялық ноқатқа айландырды.
Макрон Жақын Шығыстан французларды эвакуациялаўды баслады

Франция президенти Эммануэль Макрон Жақын Шығыстағы кескинликтиң күшейиўи артынан региондағы француз пуқараларын эвакуациялаў басланғанын мәлим етти. Оның айтыўынша, регионда шама менен 400 мың француз бар ҳәм олар басқышпа-басқыш мәмлекетке алып келинеди. Дәслепки еки эвакуация рейси тез арада Парижге жетип келиўи режелестирилген.
Макрон, сондай-ақ, Франция региондағы әскерий базалардың қәўипсизлигин күшейткенин билдирди. Дрон ҳүжимлеринен кейин Кипрге фрегат жиберилмекте, қырыўшы самолётлар болса Бирлескен Араб Әмирликлериндеги объектлерди қорғамақта. Буннан тысқары, “Charles de Gaulle” авианосеци де Жер Орта теңизине қарай жол алған болып, Париж буны региондағы қәўипсизлик ҳәм теңиз жолларын қорғаў шарасы деп атады.
Трамп Испанияны саўда эмбаргосы менен қорқытты

Президент Дональд Трамп Испания АҚШ әскерий базаларынан Иранға қарсы әмелиятларда пайдаланыўға руқсат бермегенинен кейин Мадридке қарсы толық саўда эмбаргосын енгизиў менен қорқытты. Жетекшиси “Испания менен барлық саўданы тоқтатыўымыз мүмкин” деп баянат берип, бул мәселе бойынша экономикалық илажлар көрип шығылып атырғанын айтты. Ҳәзирги ўақытта АҚШ 15 әскерий самолётты Испаниядағы Рота ҳәм Морон базаларынан басқа жерге көширген.
Испания бас министри Педро Санчез ҳүкимети болса Қурама Штатлардың талабын бийкарлап, мәмлекет халықаралық ҳуқық ҳәм ЕА менен келисимлерге әмел ететуғынын билдирди. Германия канцлери Фридрих Мерц те Испанияға айрықша басым өткериў мүмкин емеслигин айтты, себеби АҚШ пенен тарифлер бойынша сөйлесиўлер ЕА менен биргеликте алып барылады. Аналитиклердиң пикиринше, толық эмбарго енгизиў ушын Вашингтон Испанияны миллий қәўипсизликке үлкен қәўип, деп жәриялаўы керек.
Қарақалпақстан хабар агентлиги