Жаслар парламенти ҳәм Жәмийетлик кеңес арасында бирге ислесиў меморандумына қол қойылды

Олий Мажлис Нызамшылық палатасы жанындағы Жаслар парламенти ҳәм Экология ҳәм климат өзгериўи миллий комитети жанындағы Жәмийетлик кеңес арасында өз-ара бирге ислесиў ҳаққындағы меморандумға қол қойылды.
Бул ҳүжжет жаслар арасында экологиялық мәдениятты арттырыў, климат өзгериўине қарсы гүресиў, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм турақлы раўажланыў бағдарында системалы ҳәм нәтийжели бирге ислесиўди жолға қойыўға қаратылған.
Меморандум шеңберинде төмендеги бағдарларда биргеликтеги басламалар әмелге асырылады:
экологиялық акциялар ҳәм ғалабалық илажлар шөлкемлестириў;
таңлаўлар, экспедициялар, семинар ҳәм форумлар өткериў;
қоршаған орталықты қорғаўға қаратылған биргеликтеги жойбарларды ислеп шығыў ҳәм турмысқа енгизиў;
жаслардың экологиялық санасын арттырыўға хызмет ететуғын үгит-нәсиятлаў ҳәм мәлимлеме компанияларын әмелге асырыў.
Тәреплер бул меморандум экологиялық турақлылықты тәмийинлеў, жаслардың экологиялық басламаларын қоллап-қуўатлаў ҳәм мәмлекетлик жәмийетлик бирге ислесиўди беккемлеўге хызмет ететуғынына исеним билдирди.
Мағлыўмат ушын, Бирге ислесиў ҳүжжети еки институт арасында узақ мүддетли ҳәм өз-ара пайдалы байланысларды раўажландырыўды нәзерде тутады.
Зиёвуддин Нуриддинов, Дониёр Якубов, Анвархўжа Аҳмедов, ӨзА