Пластик шығындыларға қарсы гүресиў – әпиўайы әдеттен басланады

19

Бүгинги күнде дүнья көлеминде ҳәр жылы 400 миллион тоннаға шамалас пластик ислеп шығарылмақта.

Қәнигелердиң мағлыўматына бола, бул көлемниң дерлик 40 проценти бир мәртелик өнимлердиң үлесине туўра келеди. Ең тәшўишли тәрепи, ислеп шығарылған пластикаттың тек ғана 9 проценти қайта исленеди, қалған бөлеги болса тәбиятқа шығынды сыпатында тасланады.

Ҳәр жылы 8-11 миллион тонна пластик океан ҳәм теңизлерге түседи. Бул тек ғана теңиз жаныўарлары ушын емес, ал инсан саламатлығы ушын да үлкен қәўип туўдырады. Себеби пластик ыдырап, микропластикаға айланады ҳәм азық-аўқат шынжыры арқалы инсан организмине жетип барады.

Бундай шараятта әпиўайы таңлаў – көп мәртелик ыдыстан пайдаланыў үлкен әҳмийетке ийе. Егер ҳәр бир инсан жылына орташа 150 дана пластик ыдыстан пайдаланбаўға қарар етсе, миллионлаған адамлардың қатнасыўында бул сан миллиардлап пластик шығындылардың азайыўына алып келеди.

Мәселен, 1 миллион адам көп мәртелик ыдысқа өтсе – жылына 150 миллион пластик ыдыс үнемленеди. 10 миллион адам бул әдетти қәлиплестирсе – 1,5 миллиард пластик шығындысы азаяды.

Бул болса шығындылар көлемин азайтыў, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм турақлы турмыс тәризин қәлиплестириўде үлкен қәдем болып есапланады.

Пластик тәбиятта 100 жиллап, айырым түрлери болса 400 жилга шекем тарқалмастан сақланыўы мүмкин. Демек, бүгин пайдаланылған бир мәртелик ыдыс келешек әўладлардың турмысына да тәсир етеди.

Үлкен өзгерислер киши қәдемлерден басланады.

Муҳайё Тошқораева, ӨзА