Арқа-батыс әскерий округинде профилактикалық илаж өткерилди

Арқа-батыс әскерий округи Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайында “Сергеклик – ең күшли киберқорғаў” сүрени астында кең көлемли профилактикалық ушырасыў шөлкемлестирилди. Онда Нөкис гарнизонындағы әскерий бөлимлердиң әскерий хызметкерлери, жуўапкер офицерлер ҳәм тараў қәнигелери қатнасты.
Илаж даўамында Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги Киберқәўипсизлик басқармасының ўәкиллери, ҳуқық қорғаў уйымларының қәнигелери тәрепинен заманагөй мәлимлеме қәўип-қәтерлери, интернет алдаўшылығы, фишинг ҳүжимлери ҳәм зыянлы программалардан қорғаныў мәселелери бойынша түсиниклер берилди.
Әскерий хызметкерлерге хызметке байланыслы мағлыўматларды қорғаў, жекелик қағыйдаларына әмел етиў, гүманлы силтемелерди ашпаў, белгисиз дереклерден бағдарлама жүклеп алмаў, қурамалы пароллерден пайдаланыў ҳәм еки басқышлы аутентификацияны иске қосыў бойынша анық усыныслар берилди.
Сондай-ақ, кибержынаятлар ушын белгиленген жуўапкершилик илажлары ҳәм нызамшылық талаплары бойынша мағлыўмат берилип, мәлимлеме қәўипсизлиги бағдарында әскерий хызметкерлердиң жуўапкершилиги айрықша атап өтилди.

Илаж жуўмағында ең күшли қорғаныў қуралы инсанның сергеклиги ҳәм қырағылығы екени атап өтилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги