Бесинши Ташкент халықаралық инвестиция форумы қашан өткерилетуғыны мәлим болды

Усы жылдың 16-19-июнь күнлери Ташкент қаласында сырт ел инвесторлары, ҳүкиметлер, халықаралық финанс институтлары ҳәм глобаллық бизнес жетекшилерин бирлестирген Орайлық Азияның тийкарғы инвестициялық майданы – бесинши Ташкент халықаралық инвестициялық форумы өткериледи.
Өзбекстан Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлигиниң мәлим етиўинше, бул юбилей форумы 2025-жыл июнь айында өткерилген әнжуман нәтийжелериниң логикалық даўамы болады.
Әнжуман ерисилген нәтийжелерди беккемлеў ҳәм инвестициялық қарым-қатнасты жаңа басқышқа алып шығыўды мақсет еткен. Қатнасыўшылардың географиясын кеңейтиў, тармақ бағдарларын тереңлестириў ҳәм әмелий нәтийжелиликти және де күшейтиў юбилей бағдарламасының тийкарғы бағдарлары болады.
Өткен жылғы форумда 97 мәмлекеттен сегиз мыңнан аслам қатнасыўшы, соның ишинде, үш мыңға шамалас сырт ел мийманы қатнасқанын атап өтиў керек. Бағдарлама шеңберинде 150 ден аслам халықаралық спикердиң қатнасыўында 36 панель сессия шөлкемлестирилген еди. Жуўмағында улыўма баҳасы 30,5 миллиард доллардан аслам болған инвестициялық келисимлер ҳәм саўда шәртнамаларына қол қойылды.
Форум глобаллық финанс институтлары тәрепинен билдирилип атырған жоқары дәрежедеги исенимди және бир мәрте тастыйықлады, деп айтыў мүмкин.
Атап айтқанда, Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки президенти Одиль Рено-Бассо былай деди:
– Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банкиниң инвестиция форумы сыяқлы платформаларда қатнасыўы Орайлық Азияның узақ мүддетли потенциалына болған исенимимизди ҳәм өзбекстанлы шериклер менен биргеликте турақлы раўажланыў жойбарларын қоллап-қуўатлаўға таяр екенимизди билдиреди.
“Linde” компаниясының баслығы Штеффен Рихтер болса инвестициялық орталықтағы унамлы өзгерислерди атап өтти:
– Биз Өзбекстанда тиккелей сырт ел инвестициялары ушын шараятларды жақсылаў бағдарында сезилерли қәдемлерди көрмектемиз. Бул стратегиялық тармақларда узақ мүддетли бирге ислесиўди беккемлеў ушын беккем тийкар жаратады.
Халықаралық инвесторлардың итибары, бәринен бурын, санааттың раўажланыўы ҳәм энергетика тараўына қаратылды.
– Биз Өзбекстанды Орайлық Азиядағы әҳмийетли өндирис майданы сыпатында көремиз. Реформалардың избе-излиги ҳәм инвесторлар ушын ашық-айдынлық узақ мүддетли санаат жумысы ушын исенимли тийкар жаратпақта, – деди форум шеңберинде шығып сөйлеген “Knauf” басқарма баслығы Николаус Кнауф.
Өз гезегинде, “Mangold Consulting” компаниясының баслығы Клаус Манголд та мәмлекеттиң санаат потенциалын айрықша атап өткен: “Орайлық Азияда өндиристи раўажландырыўға буншелли исенимли умтылып атырған басқа мәмлекет жоқ”.
“Al Jazeera Media Network” бас директоры Мостефа Суаг болса төмендегише пикир билдирген еди: “Биз Өзбекстанда әҳмийетли трансформациялық процесслерди бақлап атырмыз. Форум мәмлекеттиң глобаллық қарым-қатнасқа ашық екенлигин ҳәм халықаралық жәмийетшилик пенен белсене бирге ислесиўге таяр екенлигин көрсетеди”.
Пленар сессиялар менен бир қатарда, форум шеңберинде жүзден аслам жергиликли ислеп шығарыўшылардың қатнасыўында ири санаат көргизбеси, сондай-ақ, жүзлеген В2В ҳәм В2G ушырасыўлары шөлкемлестирилди.
Бүгинги күнде Ташкент халықаралық инвестициялық форумы әпиўайы жыллық илаж емес. Ол халықаралық капитал исениминиң көрсеткиши, Өзбекстанның глобаллық баҳа шынжырларына интеграцияласыў қуралы ҳәм Орайлық Азия менен дүнья базарлары арасында узақ мүддетли шерикликти қәлиплестиретуғын стратегиялық майдан болып есапланады.
2026-жыл июнь айында өткерилетуғын юбилей форумы бул унамлы динамиканың логикалық шоққысына айланады ҳәм Өзбекстанның региондағы ең белсенди және перспективалы инвестициялық орайлардан бири сыпатындағы абырайын және бир мәрте тастыйықлайды.
Беҳруз ХУДОЙБЕРДИЕВ, ӨзА