Есабатта әҳмийетли мәселелер додаланып, режелер белгиленди

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы фракциясының басламасы менен Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң мәжилислер залында денсаўлықты сақлаў тараўында жеке меншик секторды буннан былай да раўажландырыў мәселелерине бағышланған есап бериў мәжилиси болып өтти. Онда фракция ағзалары, партияның Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси басшылары, жәмийетлик шөлкемлер ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Ш.Отемисов ашты ҳәм алып барды. Күн тәртибиндеги тийкарғы мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри М.Қурбановтың есабаты тыңланды.
Есабатта атап өтилгениндей, соңғы жыллары республикада жеке меншик медицина мәкемелериниң саны турақлы өсип бармақта. Атап айтқанда, 2020-жылы 235 болған жеке меншик клиникалардың саны 2025-жылға келип 378 ге жеткен. Тек ғана 2025-жылдың өзинде 41 жаңа жеке меншик медицина мәкемеси иске қосылып, 114 жаңа жумыс орны жаратылды. Ҳәзирги ўақытта 42 стационар (1020 орынлық) ҳәм 336 амбулатор хызмет көрсетиўши клиникалар халыққа медициналық хызмет көрсетпекте. Биринши туўыў бөлими иске түсирилип, 26 жаңа медицина пункти шөлкемлестирилди. Барлық клиникалар заманагөй МРТ, МСКТ, 3D рентген, УЗИ ҳәм басқа да жоқары технологиялы үскенелер менен тәмийинленбекте.
Жеке меншик сектор тәрепинен социаллық қорғаўға мүтәж халық қатламларын қоллап-қуўатлаў бағдарында да әмелий жумыслар алып барылмақта. Соның ишинде, Рамазан айында дәстүрий тәризде бийпул медициналық тексериўлер шөлкемлестирилмекте. 2025-жылы 880 пуқара бийпул медициналық тексериўден ҳәм емлениўден өткерилди. Сондай-ақ, майыплығы болған шахслар ҳәм кем тәмийинленген шаңарақларға бийпул диагностика ҳәм емлеў хызметлери көрсетилип келинбекте.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң ПҚ-2863-санлы қарарына муўапық, жеке меншик медицина мәкемелери салық жеңилликлери есабынан босайтуғын қаржылардың кеминде 25 процентин социаллық қорғаўға мүтәж пуқараларға бийпул медициналық хызмет көрсетиўге бағдарлап келмекте. Бирақ 2025-жыл 1-апрельден баслап ПҚ-229-санлы қарар тийкарында медициналық хызмет көрсетиўши юридикалық тәреплер қосымша қун салығы төлеўшилери етип белгиленгени айырым машқалаларды пайда етпекте. Усы мүнәсибет пенен фракция ағзалары бул мәселени ҳәр тәреплеме үйрениў ҳәм исбилерменлердиң жумысын қоллап-қуўатлаў бойынша усыныслар ислеп шығыў зәрүрлигин атап өтти.
Соның менен бирге, Өзбекстан Республикасы Президентиниң ПҚ-311-санлы қарарына тийкарланып, мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлери енгизилди. Нәтийжеде жеке меншик медицина мәкемелери де Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры менен шәртнама тийкарында кепилленген пакет шеңберинде халыққа бийпул хызмет көрсетиў имканиятына ийе болды. 2025-жылдың жуўмақлары бойынша қамсызландырыў қоры тәрепинен 1 979,7 млрд сум қаржы толық қаржыландырылған болса, 2026-жыл ушын 2 260,3 млрд сум қаржы ажыратылыўы режелестирилген. Бул болса системада қаржыландырыў көлеми турақлы артып баратырғанын көрсетеди.
Мониторинг жумыслары нәтийжесинде жолламалар системасы, наўқасларды электрон мәлимлеме системасына киргизиў, дәри қураллары ҳәм медициналық буйымлар менен тәмийинлеў көрсеткишлеринде унамлы өзгерислер атап өтилди. Тийкарсыз стационар емлеў жағдайлары болса азайған.
2025-жыл даўамында денсаўлықты сақлаў тараўына 24 миллион АҚШ долларынан аслам сырт ел инвестициясы ҳәм грант қаржылары тартылды. Соның ишинде, Азия раўажланыў банкиниң қаржылары есабынан жуқпалы кеселликлер сондай-ақ, ана ҳәм бала саламатлығы мәкемелерине заманагөй медициналық әсбап-үскенелер жеткерип берилди. Буннан тысқары, UNICEF, Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми ҳәм UNFPA менен биргеликте айырым районларда бирлемши медициналық-санитариялық жәрдемди жақсылаўға қаратылған жойбарлар әмелге асырылмақта. Жеке исбилерменлер тәрепинен болса 50,2 млрд сумлық инвестиция киргизилип, жаңа медицина мәкемелери қурылды.
Есабат даўамында қатнасыўшылар тәрепинен тараўда бар машқалалар бойынша сораў-жуўаплар өткерилди, усыныслар билдирилди ҳәм оларды терең үйрениў бойынша келисимге ерисилди. Сондай-ақ, министрдиң есабаты тийкарында мәселени Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесининиң гезектеги сессиясының күн тәртибине киргизиў бойынша тийисли қарар қабыл етилди.

ӨзЛиДеП фракциясы денсаўлықты сақлаў системасында мәмлекетлик ҳәм жеке меншик сектор арасында нәтийжели бирге ислесиўди күшейтиў, исбилерменлик субъектлери ушын және де қолайлы шараятлар жаратыў ҳәм халыққа көрсетилип атырған медициналық хызметлердиң сапасын арттырыў мәселелерин турақлы депутатлық қадағалаўда алып барады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги