Франция соңғы он жыллықларда биринши мәрте ядролық қураллар санын арттырады

Президент Эммануэль Макрон мәмлекеттиң ядролық арсеналын көбейтиў ҳаққында қарар қабыл еткенин (1992-жылдан берли биринши мәрте) жәриялады. Оның атап өтиўинше, бул өзгерип атырған қәўип-қәтерлер ҳәм геосиясий қарсыласлардың ҳәрекетлери шараятында Франция тыйып турыў күшиниң “кепиллик берилген ўайран етиўши қүдиретин” сақлап қалыў ушын зәрүр.
Макрон стратегиялық анықсызлықты тәмийинлеў мақсетинде, Франция буннан былай жаңа жаўынгерлик қураллардың анық санын жәрияламаўын атап өтти. “Еркин болыў ушын қорқыў оятыўды билиў керек, қорқыў оятыў ушын болса күшли болыў керек,” – деди ол.
Қарақалпақстан хабар агентлиги