Тәбийғый газ ушын қысқы базалық норма барлық аймақлар ушын созылды
19

Тәбийғый газ ушын ысытыў мәўсиминде белгиленген базалық норма Республиканың барлық аймақларында 15-мартқа шекем создырылды.
Энергетика министрлигининиӊ хабарына бола, бул – ҳаўа-райы болжаўларының жаңаланған күтилиўлерине муўапық әмелге асырылмақта.
“Суўық ҳаўа массасы мәмлекетимиздиң басқа аймақларына да кирип келиўи итималы себепли ысытыў мәўсими ушын белгиленген 500 куб метр базалық норма барлық аймақларда 2026-жылдың 15-мартына шекем создырылды”, – делинеди рәсмий хабарда.
Қосымша етилиўинше, 15-марттан кейин болса ҳаўа-райы шараятынан келип шығып, зәрүр болса, қосымша илажлар көриледи.
Еслетип өтемиз, алдын бул созыў тек ғана Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаяты ушын әмел етиўи белгиленген еди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги