Жынаятшылық профиликатикасы мәселелери додаланды

21

Тахтакөпир районы ҳәкимлигинде аймақта жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыўға бағышланған ушырасыў болып өтти.

Илажға мәкан пуқаралар жыйынларының баслықлары, ҳаял-қызлар белсендилери, район прокуратурасы, ишки ислер уйымлары ҳәм Жаслар ислери агентлиги ўәкиллери қатнасты.

Онда 2025-жыл ҳәм 2026-жыл январь айында жынаят ислери бойынша Тахтакөпир районы судында көрип шығылып жуўмақланған ислер бойынша қабыл етилген айрықша уйғарыўлардың орынланыўы шеңберинде әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәр тәреплеме талланды.

Илажда жынаят ислери бойынша Тахтакөпир районы суды баслығы О.Мауленов қатнасып, жынаятлардың келип шығыў себеплерин, оларға имканият берген факторларды анықлаў ҳәм профилактикалық илажларды еле де күшейтиў мәселелери бойынша өз пикир-усынысларын билдирди. Атап өтилгениндей, жынаятшылықтың алдын алыў тек ғана жазалаў менен емес, ал оған себеп болып атырған шараятларды ерте анықлаў ҳәм сапластырыў өз нәтийжесин береди.

Ушырасыўда аймақта ҳуқықбузарлықлардың ерте профилактикасын жолға қойыў, халық арасында ҳуқықый мәдениятты арттырыў ҳәм уйымлараралық бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў тийкарғы ўазыйпа сыпатында белгиленди.

Сондай-ақ, жынаят ислери бойынша суд тәрепинен қабыл етилип атырған айрықша уйғарыўлардың орынланыўын орынларда нәтийжели шөлкемлестириў, жынаятлардың келип шығыўына себеп болып атырған факторларды аймақ, ҳаял-қызлар белсендилери, ишки ислер ҳәм жаслар шөлкемлери менен биргеликте турақлы түрде додалап барыў зәрүрлиги атап өтилди.

Илаж жуўмағында аймақта жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў бойынша анық бағдарлар белгилеп алынды.

Адилбай Оразов,

                                               Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы