Ең гөззал тилек

Муқаддес китапларда айтылыўынша, инсан тәғдирине ҳеш нәрсе пәтиядағыдай тәсир етпейди екен. Соның ушын да миллий тәрбиямызда ата-аналар, устазлар ҳәм кекселердиң пәтияларын алыўға умтылыўға шақырыў бар. Оларға көрсетилген ҳүрмет болса тиккелей инсанныӊ әдеп-икрамлылығынан дерек береди.
Халқымызда: “алғыс пенен ел көгерер”, деген нақыл бийкарға айтылмаған. Әсиресе, ҳәзирги муқаддес Рамазан айы жақсылықлар, жақсы әмеллер ҳәм әлбетте, көп-көп дуўалар етилетуғын мәўрит. Ҳәр бир халықтың өзине тән миллий дәстүрлери болғанындай, өзбек халқының да тәкирарланбас дәстүрлери бар. Атап айтқанда, дуўа етиўде де уллы ҳикметли тилек бар, оның негизинде ең гөззал тилек жәмленген. Есимизди танып атырғанымыздан, ата-бабаларымыз пәтияға қол жайыўдан тынышлық-парахатшылық, саў-саламатлық сорайды.
Бир ойлап көриң, инсанға тынышлық ҳәм саламатлықтан артық жемис бар ма? Әсиресе, бүгинги күнде дүньяның түрли орынларында урыстың суўық нәпеси гезип жүрген бир ўақытта бул дуўаның қаншелли әҳмийетли ҳәм мазмунлы екенине исеним пайда етемиз.
Мәмлекетимизде алып барылып атырған бир қатар басламаларды атап өткен ҳалда, елимиздиң тынышлығы ҳәм халқымыздың абаданлығы жолында әмелге асырылып атырған реформаларды айрықша атап өтиўимиз шәрт. Әсиресе, қоңсы мәмлекетлер менен жолға қойылып атырған дослық байланыслар, сондай-ақ, сыртқы қатнасықларда беккем дипломатиялық көзқараслар алғысқа ылайық.
– Әзелден халқымызда ҳәр бир ис алдынан дуўа етиў әдетке айланған. Уллы инсанлар да бәрқулла дуўа менен бәнт болған, – дейди Өзбекстан мусылманлары мәкемесиниң баслығы, муфтий, шайх Нуриддин Холиқназар. – Мени албыратқан бир ўақыяны айтып бермекшимен. Умра зыяраты менен Меккеде болып турғанымызда сол жердеги ўатанласларымыз бизге: “не ушын Өзбекстан буншелли тыныш? Шаңарақлары берекетли?” деген сораўды берди. Командамыздағылар ҳәр ким ҳәр қыйлы жуўап берген болдық. Сораў берген адам болса: “ҳәммеңиздиң гәпиңиз дурыс. Бирақ тийкарғы себеп басқа. Ҳәзирги күнде ҳеш бир миллет дерлик дуўа етпей қойған. Бирақ Өзбекстанда ҳәмме бәрқулла дуўада. Ҳәттеки, мәмлекет басшысы да ҳәр бир қайырлы ис алдынан пәтия етеди. Соның ушын да ол жерде жасамасам да, Өзбекстанда туўылғанымнан мақтанаман”, деди.
Ҳақыйқатында да, “алтын алма, алғыс ал”, деген ҳикмет пенен жасайтуғын халқымыздың ығбалы тиккелей пәтия менен де байланыслы. Соны аңлаў керек, тынышлық ҳәм денсаўлық сорап етилген дуўа ҳақыйқатында да ең гөззал тилек болып есапланады. Ҳақыйқатында да, бүгинги қәўетерли заманда буған қайта-қайта исеним пайда етпектемиз.
Елимиз тыныш, аспанымыз ашық болсын! Тынышлық ҳәм денсаўлық тәрк етпесин!
Шербек Исломов, ӨзА